Нөкисте “Тадбиркор аёл” халықаралық исбилермен ҳаял-қызлар ассоциациясы Қарақалпақстан аймақлық бөлими тәрепинен “Исбилерменлик пенен шуғылланып атырған ҳәм  өзиниӊ бизнесин басламақшы болған ҳаял-қызлардыӊ билимин арттырыў ҳәм оларға ҳуқықый жәрдем бериў” атамасында үш күнлик семинар-тренинг болып өтти.

“Тадбиркор аёл” халықаралық исбилермен ҳаял-қызлар ассоциациясыныӊ Швейцарияныӊ Өзбекстандағы елшиханасы менен биргеликтеги  “Мәмлекетимиздеги исбилермен ҳаял-қызлардыӊ ҳуқықый билимин арттырыў” жойбары шеӊберинде өткерилген  илажда исбилерменлик пенен шуғылланып атырған ҳәм  өзиниӊ бизнесини басламақшы болған 20 ҳаял-қыз қатнасты.

Атап өтилгениндей, бүгинги күнде ҳаял-қызлардыӊ қатнасы ҳәм олардыӊ экономиканы раўажландырыўға қосып атырған өзине тән үлеси социаллық турақлы экономикалық раўажланыўдыӊ тийкарғы элементи болып табылады. Өз гезегинде жеке сектор да барлық раўажланған мәмлекетлерде айрықша қоллап-қуўатланады. Себеби мәмлекеттиӊ экономикалық турақлылығы, халықтыӊ бәнтлиги жеке секторға байланыслы. Соӊғы жыллары мәмлекетимиз ҳүкимети тәрепинен де исбилерменлик орталығын жақсылаў, исбилермен ҳаял-қызлардыӊ ҳуқықый ҳәм нызамлы мәплерин қорғаў, олардыӊ жәмийеттеги орны ҳәм абырайын арттырыўға қаратылған нәтийжели сиясат бағдарында кеӊ көлемли илажлар әмелге асырылмақта.

Бирақ, исбилермен ҳаял-қызларда мәлимлеме ҳәм ҳуқықый билимниӊ жетиспеўшилиги, тәжирийбесизлик, өзлерине исенимсизлик, ҳуқықый билимлер алыў имканиятларыныӊ жетиспеўшилиги жумысларында өзине тән машқалаларды келтирип шығармақта.

Ҳаял–қызлардыӊ имканиятларын кеӊейтиў, исбилерменлик басламаларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, ҳуқықый, ағартыўшылық ҳәм мәлимлеме  ресурсларынан пайдаланыўына Жарастырыў, олардыӊ жәмийеттеги социаллық абырайын арттырыў бүгинги күнниӊ әҳмийетли ўазыйпасы болып табылады. Ҳаял-қызлардыӊ исбилерменлик орталығын жақсылаў менен байланыслы әҳмийетли машқалаларды шешиў ушын аўыллық жерлерде исбилермен ҳаял-қызларға еӊ көп талап етилетуғын бағдарлар бойынша билимлендириў бағдарламаларын ҳәм тренинглерди шөлкемлестириў, атап айтқанда, оларды ҳуқықый қоллап-қуўатлаў бойынша комплексли илажларды әмелге асырыў керек.  Бул жойбар тап усы, билимлендириў хызметлерин көрсетиў ҳәм бизнести әмелий қоллап-қуўатлаў бойынша мәмлекетимиздеги аўыл ҳаял-қызларыныӊ ҳуқықый билимин арттырыўға қаратылған.

– Жойбардан гөзленген мақсет, ҳаял-қызлардыӊ турмыс дәрежесин арттырыў, ҳуқықый саўатсызлықтыӊ алдын алыў, исбилерменлик жумысларын жоқары дәрежеге көтериў ҳәм исбилермен ҳаял-қызлардыӊ мәмлекетимиз экономикасыныӊ раўажланыўына қосып атырған үлесин арттырыўдан ибарат, – дейди “Тадбиркор аёл” халықаралық исбилермен ҳаял-қызлар ассоциациясы Қарақалпақстан аймақлық бөлиминиӊ баслығы Назира Елибаева,– Жойбар шеӊберинде мәмлекетимиз бойынша 560, соның ишинде республикамыздан 40 ҳаял-қыз исбилерменлик тийкарлары  ҳәм ҳуқықый билимге оқытылады, оларға бийпул ҳуқықый мәсләҳәтлер берип барылады. Нәтийжеде олар өзлериниӊ ҳуқықый ҳәм экономикалық билимин жетилистирип, әмелдеги нызамлар ҳәм нормативлик ҳүжжетлер менен ислесиў көнликпелерин қәлиплестиреди.


Семинар-тренинг соӊында қатнасыўшыларға шөлкемлестириўшилер тәрепинен сертификатлар тапсырылды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги