Сенаттың гезектеги жалпы мәжилиси алдынан комитетлер мәжилислери даўам етпекте. Күни кеше бир қатар комитетлердиң мәжилислеринде Инсан ҳуқықлары бойынша ўәкил (Омбудсман)дың 2023-жылдағы жумысына байланыслы есабаты сенаторлар дыққат-орайында болды.

Мәлимлеме сиясаты ҳәм мәмлекет органларында ашықлықты тәмийинлеў мәселелери комитети мәжилисинде Омбудсманға өткен жылда 18 мың 622 мүрәжәт келип түскени атап өтилди.

Ўәкил тәрепинен пуқаралардың бузылған ҳуқықларын тиклеў бойынша мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлер ҳәм судларға тәсир илажлары көринисиндеги ҳүжжет киргизилген. Судларға киргизилген даўа арзаларының көпшилиги қанаатландырылған.

Омбудсман тек ғана ҳәрекетлениў еркинлиги шекленген шахсларға руўхый, психологиялық, физикалық ямаса басқаша тәризде басым өткерилгени ҳаққындағы шағымлар емес, ал Интернет жәҳән мәлимлеме тармағында усы сыяқлы жағдайлар бойынша тарқалған хабарларды да толық бақлаўға алып, тийисли тәртипте рәсмий мүнәсибет билдирип келмекте.

Комитет ағзалары мониторинглер саны ҳәм сапасы өсип баратырғанын унамлы көрсетиў деп атап өтти. Соның менен бирге, халық мүрәжатларында көтерилип атырған әҳмийетли мәселелер унамлы шешим табыўы ушын тийисли уйым ҳәм шөлкемлер менен биргеликтеги жумысларды күшейтиў зәрүрлиги атап өтилди.

* * *

Сенаттың Илим, билимлендириў ҳәм денсаўлықты сақлаў мәселелери комитети мәжилисинде Омбудсманның регионаллық ўәкиллери машқалаларды ҳәр тәреплеме ҳәм жедел шешиў мақсетинде орынларға шығып, көшпели қабыллаўлар шөлкемлестирилип атырғанына итибар қаратылды.

2023-жылы аймақлық ўәкиллер тәрепинен 130 тәсир илажы бойынша ҳүжжетлер таярланып, олардың орынланыўы тәмийинлениўинде қатнасқан. Атап айтқанда, олардың қатнасыўында таярланған 18 жуўмақ мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлер, олардың лаўазымлы шахсларына киргизилди ҳәм олардың 11 и яки 61,1 проценти толық қанаатландырылды.

Сенаторлар тәрепинен билимлендириў ҳәм денсаўлықты сақлаў тараўында пуқаралардың ҳуқықлары менен еркинликлерин тәмийинлеў, сондай-ақ, нызамбузылыў жағдайларын шешиў мақсетинде мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлерге, олардың лаўазымлы шахсларына Омбудсман атынан көрип шығылыўы мәжбүрий болған арза ҳәм шағым арзалары, усыныснамалар ҳәм усынылыў қәсийетине ийе жуўмақлардың орынланыўы талқыланды.

* * *

Сенаттың Жаслар, мәденият ҳәм спорт мәселелери комитети мәжилисинде Омбудсман тәрепинен жаслар ҳәм балалар ҳуқықлары ҳәм мәплери қорғалғаны итибар орайында болды.

Омбудсманның шөлкемлерге еткен мүрәжатлери нәтийжесинде 5 студенттиң жоқары оқыў орынларында билим алыўы ушын 24 миллион сумлық контракт пулы төлениўинде, 3 жас өспирим  баланың мектепке қабыл етилиўинде ҳәм 2 мектеп оқытыўшысының сабақ жүклемеси тиклениўинде, 2 студентке ЖООға қараслы жатақханадан орын ажыратылыўында жәрдемлескен.

Сондай-ақ, 30 пуқараның медициналық тексериўден өтиўинде ҳәм 17 синиң емлениўи ушын жолланма берилиўинде, биреўиниң «Сақаўат» үйине орналасыўында, 5 майыплық арбашасы ҳәм 2 билек протези менен тәмийинлениўинде, 2 майыплық пенсиясы ҳәм 1 майыплық топары белгилениўинде жәрдем көрсетилген.

Буннан тысқары, 20 пуқараның «Ҳаял-қызлар дәптери»не киргизилиўинде, 3 ҳаял-қызға «қорғаныў ордери» берилиўинде, 2 пуқараның «Жаслар дәптери»не киргизилиўинде жәрдем берилген.

Пуқаралық жәмийети институтлары менен бирге ислесиўде ҳаял-қызлардың ҳуқықларын тәмийинлеў бойынша ис-ҳәрекетлерин және де күшейтиў, ҳаўаның патасланыўы бойынша келип түсип атырған мүрәжатлерди өз алдына бақлаўға алыў ҳәм тәсиршең илажлар көриў, Омбудсманға мүрәжат етиўдиң тез ҳәм қолайлы имканиятын бериўши «мобиль қосымша»ны ислеп шығыў ҳәм жолға қойыў сыяқлы усыныслар билдирилди.

Норгул АБДУРАИМОВА,
ӨзА хабаршысы