«Kитапқумар хызметкер» таӊлаўы өткерилди

301

Қарақалпақстан Республикасы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлигине қараслы республикалық балалар китапханасында билимлендириў мәкемелери хызметкерлери арасында «Kитапқумар хызметкер» таӊлаўы өткерилди.

Нөкис қалалық Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи бөлими Өзбекстан билимлендириў ҳәм илим хызметкерлери кәсиплик аўқамы Нөкис қалалық бөлими менен биргеликте шөлкемлетирилген илаждыӊ мақсети, билимлендириў мәкемелеринде ислеўши хызметкерлердиӊ китап оқыўға болған қызығыўшылығын арттырыў арқалы олардыӊ билимин байытыў, мәкемелерде социаллық-руўхый орталықты қәлиплестириў, хызметкерлердиӊ китап оқыўға болған умтылысын қоллап-қуўатлаўдан ибарат.


Қатнасыўшылар қарақалпақ, өзбек ҳәм жәҳән өзлериниӊ билимин сыннан өткерди. Таӊлаў жуўмағында 48-санлы улыўма билим бериў мектебинен М.Қайпанова биринши, 45-санлы улыўма билим бериў мектебинен Б.Маннанова екинши, И.Юсупов атындағы дөретиўшилик мектебинен Б.Сарыбаев үшинши орынларды ийеледи.
Жеӊимпаз ҳәм сыйлы орын ийелери шөлкемлестириўшилер тәрепинен диплом ҳәм естелик саўғалары менен сыйлықланды.


Арзыгүл ЕСЕМУРАТОВА,

ҚМУ, Мәлимлеме хызмети ҳәм
жәмийетшилик пенен байланыслар тәлим бағдарының 2-курс студенти.

Қарақалпақстан хабар агентлиги