Израиль Өзбекстанныӊ ЖСШға ағзалығын ратификациялады

274

Мәмлекетимиздиӊ Израильдағы елшиханасына бола, БАӘ де өткерилип атырған Жәҳән саўда шөлкеминиӊ конференциясы шеӊберинде тийисли ҳүжжетке Израиль экономика министри Нир Баркат Өзбекстан бас министри орынбасары Жамшид Ходжаев пенен ушырасыўда қол қойыды.

Мағлыўмат ушын, ЖСШ ға ағза болыў ушын барлық ағза мәмлекетлердиӊ келисими керек.

ЖСШға ағзалық Өзбекстанға кеӊ имканиятлар есиклерин ашады, мәмлекет 164 мәмлекет пенен теӊ ҳуқықлы тийкарда саўда ислеў имканиятын қолға киргизеди.

Орайлық Азияда Қазақстан, Қызғызстан ҳәм Тәжикстан ЖСШ ға ағза мәмлекетлер есапланады. Өзбекстан ҳәм Түркменстан ҳәзирги күнге бақлаўшы мәмлекет, деп мағлыўмат береди хабар.уз

Қарақалпақстан хабар агентлиги