Сораӊыз, жуўап беремиз
197

Ҳаял-қызларға зорлық ҳәм қүш көрсетиў қандай жуўапкершиликке себеп болады?
Нызамшылыққа бола, физикалық зорлық-ҳаял-қызларға аўырлығы түрли дәрежеде болған дене жарақатларын жеткериў, қәўип астында қалдырыў, өмири қәўип астында қалған шахсқа жәрдем бермеў, зорлық белгилерине ийе басқа ҳуқықбузарлықларды әмелге асырыў, физикалық тәсир өткериў ямаса бундай тәсир өткериўдиң басқа илажларын қолланыў менен қорқытыў арқалы ҳаял-қызлардың өмири, ден саўлығы, еркинлиги ҳәм нызам менен қорғалатуғын басқа ҳуқықлары ҳәм еркинликлерине ҳүжим ететуғын зорлық түри болып есапланады.
Ҳаял-қызларды қүш көрсетиў ҳәм зорлықтан қорғаў ҳаққындағы нызамшылықты бузғанлыкта айыпкер шахслар белгиленген тәртипте жуўапкер болады.
Қарақалпақстан хабар агентлиги