Ҳаял-қызлардыӊ машқалалары итибарда

Президентимиздиӊ басламасы менен мәмлекетимизде социаллық жағдайы ҳәм турмыс шараяты аўыр, жумыссыз ҳәм социаллық белсенди болмаған ҳаял-қызларды социаллық–ҳуқықый, психологиялық, медициналық ҳәм материаллық қоллап-қуўатлаў бағдарында бир қатар жумыслар алып барылмақта.
–Атап айтқанда, “Ҳаял-қызлар дәптери”н жүргизиў арқалы олардыӊ машқалаларын системалы түрде шешиў илажлары көрилмекте, –дейди Әмиўдәрья районы ҳәкиминиӊ орынбары, Шаӊарақ ҳәм ҳаял-қызлар бөлиминиӊ баслығы Гўзал Сабурова. –Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниӊ 2022-жыл 31-март күнги “Ҳаял-қызлардыӊ машқалаларын үйрениў ҳәм шешиў системасын буннан былайда жетилистириў илажлары ҳаққында”ғы қарары тийкарында ҳаял-қызларды социаллық, экономикалық, психологиялық қоллап-қуўатлаўға, билим ҳәм кәсип-өнер ийелеўге талабы болған жумыссыз ҳаял-қызлардыӊ машқалаларын анықлаў, сапластырыў ҳәм қадағалаўды алып барыў бойынша мағлыўматлар базасын жүргизиў мақсетинде “Ҳаял-қызлар дәптери”ниӊ 5-басқышы қәлиплестирилди. Бул дизимге киргизилген ҳаял-қызлардыӊ бәнтлигин тәмийинлеў, қыйтақ жерден дәмамат дәреги сыпатында пайдаланыў ушын, социаллық орынларға жайластырыў ҳәм олардыӊ турақ жайларын оӊлаўға жәрдемлесиў, исбилерменликке тартыў, материаллық жәрдем көрсетиў, турақ жай ижарасы ушын компенсация төлеў, медициналық, ҳуқықый жәрдем көрсетиў бойынша илажлар тийисли нызамшылық ҳүжжетлеринде белгиленген тәртипте әмелге асырылады.


Усы жылғы 5-басқыш “Ҳаял-қызлар дәптери”не киргизиў мақсетинде хатлаўдан өткериў жумыслары 49 аўыл ҳәм мәкан пуқаралар жыйынына бириктирилген жумысшы топарлар тәрепинен анкета сораўнамаларын толтырыў жуўмақланды. Оныӊ нәтийжеси бойынша 30 жастан жоқары болған 46 мыӊ 136 ҳаял-қыздан 45 мыӊ 330 ҳаял-қызға анкета сораўнамасы толтырылды. Анкета сораўнамалары толтырылмаған 806 ҳаял-қыздыӊ 340 ы ишки миграциядағы, 442 ҳаял-қыз сыртқы миграциядағы, 21 ҳаял-қыз емлеўханада жатырған, 3 ҳаял-қыз жазасын өтеп атырғанлар болып табылады.
Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниӊ жоқарыда атап өтилген қарарыныӊ 2-бап 8-бәнтине муўапық, секторлар басшыларыныӊ усынысы бойынша 5-басқыш “Ҳаял-қызлар дәптери”не жәми 5 мыӊ 593 ҳаял-қыздыӊ киргизилиўи режелестирилген. Соннан социаллық жәрдемге мүтәж ҳаял-қызлар категориясына 2 мыӊ 253, исбилерменлик пенен шуғылланыў тилегин билдирген жәрдемге мүтәж ҳаял-қызлар категориясына 652, бағыўшысынан айырылған ҳаял-қызлардыӊ категориясына 1 мыӊ 269, социаллық жәрдемге мүтәж I ҳәм II топар майыплығы болған, сондай-ақ, тез медициналық жәрдемге мүтәж ҳаял-қызлар категориясына 994, турақ жайға мүтәж ҳаял-қызлар категориясына 20, қарамағында майыплығы болған перзенти бар жәрдемге мүтәжлердиӊ категориясына 405 ҳаял-қыздыӊ киргизилиўи белгиленген.

Жақында болып өткен районлық Кеӊестиӊ 70-сессиясында 5-басқыш “Ҳаял-қызлар дәптери”не киргизилип атырған ҳаял-қызлардыӊ дизими ҳәм олардыӊ машқалаларын шешиў бойынша “Жол картасы” тастыйықланды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги