Коррупцияға қарсы гүресиў илажлары талқыланды

146

Усы жылдың 28-февраль күни Нɵкис қаласындағы Жаслар орайында Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасы жанындағы Мәжбүрий орынлаў бюросы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы хызметкерлери, олардың ата-аналары ҳǝм жақынларының қатнаўында  Коррупцияға қарсы гүресиў, оның алдын алыўға бағышланған илаж болып өтти.

Оны басқарма баслығы И.Арзиев кирис сөз бенен ашты.

Буннан кейин Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасы жанындағы Мәжбүрий орынлаў бюросы жеке қәўипсизликти тǝмийинлеў басқармасыныӊ бас инспекторы Ш.Файзиев мәмлекетимизде Президентимиздиӊ басшылығында коррупцияға қарсы гүресиў, оныӊ алдын алыў бойынша әмелге асырылып атырған кеӊ көлемли жумысларға тоқтап өтти.

Бунда ҳуқық қорғаў уйымларыныӊ хызметкерлери өзлерине белгиленген ўазыйпаларды инабат пенен атқарып, Президентимиздиӊ, соныӊ менен бирге халқымыздыӊ исенимин ақлаўда пидайылық көрсетиўи талап етиледи. Соныӊ ушында, бул иллетке қарсы гүресиў тек ҳуқық қорғаў уйымларыныӊ ғана емес, пүткил халқымыздыӊ ўазыйпасы болып табылады.  Буныӊ ушын ғалаба хабар қураллары, социаллық тармақлар менен тығыз бирге ислесиў арқалы кеӊ жәмийетшилик арасында үгит-нәсият жумысларын алып барыў керек.

Илажда прокуратура уйымларыныӊ ветеранлары,  тараў хызметкерлериниӊ ата-аналары шығып сөйлеп, коррупция иллети, оның келип шығыўы ҳәм оныӊ унамсыз ақыбетлери туўралы пикир-усынысларын билдирди.


Қарақалпақстан хабар агентлиги