Нөкис қалалық мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи бөлимине қараслы 14-санлы мектепке шекемги билимлендириў шөлкеминде Өзбекстан Қаҳарманы, шайыр И.Юсуповтың туўылғанына 95 жыл толыўы мүнәсибети менен «Поэзия жулдызы Аязий» атамасында руўхый-ағартыўшылық илаж өткерилди.

Илажға Қарақалпақстан тарийхы ҳәм мәденияты музейи директоры, шайыр И.Юсуповтың қызы А.Юсупова, НМПИ аға оқытыўшысы З.Таңирбергенова, Республика Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы Нөкис қалалық бөлиминиң баслығы Қ.Нуратдинов, Нөкис қалалық мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи бөлиминиң методистлери У.Аўезмуратова ҳәм С.Абаданова, сондай-ақ, пайтахтымыздағы МШБШ методистлери қатнасты.

Атап өтилгениндей, халқымыздың ардақлы шайыры Ибрайым Юсупов 1929-жылы Шымбай районының ҳәзирги «Тағжап» аўыл пуқаралар жыйыны аймағында туӯылған. Оның шығармаларында  ана-ўатанға деген сүйиспеншилик, мөлдир муҳаббат, адамгершилик, дослық жырланады. Оның ҳәр бир шығармасы халқымыздың жүрегинен терең орын алған.

Қатнасыўшылар шайырдың өмири ҳәм дөретиўшилиги, турмысындағы айырым қызықлы ўақыяларды және бир мәрте еслеп, жыйналғанларға айтып берди.

Илажда шөлкем тәрбияшылары ҳәм тәрбияланыўшылары тәрепинен концерт бағдарламасы ҳәм шайыр шығармаларына тийкарланып таярланған сахналық көринислер қойып берилди.






 

Ә.Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги