ϴзбекстан Журналистлери аўқамы ҳәм оның Қарақалпақстан Республикасы бөлими тәрепинен биргеликте шөлкемлестирилген республикамыз ҳәм Хорезм ўәлаяты ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасқан «Ғалаба хабар қураллары ҳәм социаллық тармақларда ўақыяларды қалыс сәўлелендириў, бүгинги жағдай, усыныс ҳәм пикирлер” атамасында регионаллық конференция қатнасыўшылары әнжуманның екинши күни Мойнақ районына шөлкемлестирилген пресс-турға қатнасты.

Пресс-тур даўамында соңғы жыллары Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.Мирзиёевтиң басламасы менен бул аймақты түпкиликли жаңалаў, халықтың турмыс абаданлығын арттырыў бойынша әмелеге асырылып атырған кең көлемдеги жумыслар менен жақыннан танысты.

Атап айтқанда, журналист ҳәм блогерлер Қарақалпақстан тарийхы ҳәм мәденияты музейиниң филиалы есапланған “Экология”  ҳәм «Арал теңизи тарийхы» музейлери, «Ашық аспан астындағы кемелер комплекси» яғный, халық тили менен айтқанда, «кемелер қойымшылығы»нда, районлық мәденият сарайы, Мойнақ аэропорты сыяқлы жаңа объектлерде болып, олардың қурылыў тарийхы ҳәм бүгинги жумыслары менен танысып, олардан умытылмас тәсирлер алды.







-Мойнақ районына буннан 40 жыл бурын «Ёш Ленинчи» (ҳәзирги «Ёшлар овози») газетасының Хорезм ўәлаяты ҳәм Қарақалпақстан бойынша өз хабаршысы болып ислеп атырғанымда болып, «Мойнақ консерва» заводының жумыслары менен танысқан едим,-дейди пресс-тур қатнасыўшыларының бири «Хива тонги» газетасының бас редакторы, «Шуҳрат» медалының ийеси Шержан Машарипов.-Ол гезлери Мойнақ бир көшеден туратуғын, пәскелтек үйлерден ибарат кишкене посёлка еди. Бүгин Мойнақтың ишин аралап жүрип, бул аймақта соңғы жыллары көплеген ири өзгерис ҳәм жаңаланыўлардың жүз берип атырғанлығының айқын гүўасы болдым. Бир тегис кең көшелер, 4-5 қабаттан ибарат зәўлим жайлар кимниң болса да ҳәўесин келтиреди.

Сондай-ақ, пресс-тур қатнасыўшылары «Жасыл мәкан» улыўма миллий жойбары шеңберинде район аймағында жаратылып атырған жаңа бағқа барып, ол жерге 50 түпке шамалас мийўели ҳәм саяманлы терек нәллерин екти.


-Бундай әнжуманлардың шөлкемлестирилиўи жас журналистлер ҳәм блогерлер ушын өз-ара тәжирийбе алмасыў мектеби болды,-дейди «Қарақалпақстан жаслары» газетасының арнаўлы хабаршысы, Қарақалпақстан Республикасына хызмет көрсеткен журналист Шүкирбай Сипатдинов.-Әнжуманды шөлкемлестирген Журналистлер аўқамы басшыларына өзимниң миннетдаршылығымды билдирип, бундай илажларды тез-тезден өткерип турса мақсетке муўапық болар еди, деп ойлайман.

Ҳақыйқатында да, пресс-тур даўамында республикамыз журналистлер-блогерлериниң хорезмли кәсиплеселери менен өз-ара пикир алысыўлары, олар ушын үлкен тәжирийбе мектеби болды, деп айта аламыз.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы