Зульфия Исраилованың дөретиўшилигине бағышланды

183

Ҳәр жылы үлкемизге бәҳәр мәўсими келиўи менен бирге өзбек халқының сүйикли шайыры, гөззаллық жыршысы Зульфия Исраилованың туўылған күни елимизде кең түрде белгиленеди. Усы мүнәсибет пенен Тақыятас районы кәсип өнер мектебинде шайыр дөретиўшилигине бағышланған кеше болып өтти.

Илажға районлық шаңарақ ҳәм ҳаял қызлар бөлими, руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайының районлық бөлими, «Нураный» қорының районлық бөлиминен қәнигелер ҳәм оқыўшы-жаслар қатнасты.


Илажда сөзге шыққанлар, шайырдың өмир жолы, дөретиўшилик мийнетлери ҳаққында жыйналғанларға айта отырып, мәмлекетимизде 1999-жылдан баслап Президент пәрманы менен Зульфия атындағы мәмлекетлик сыйлықтың шөлкемлестирилгенлигин ҳәм сол ўақыттан берли билимли ҳәм  талантлы қызлар арасынан ҳәр қыйлы бағдарларда лауреатлар жетисип шығып атырғанлығын мақтаныш пенен айтып өтти.

Кеше даўамында оқыўшы-қызлар тәрепинен  шайыр дөретиўшилигинен қосықлар оқылып,  сахналық көринислер қойып берилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги