28-февраль күни И.В. Савицкий атындағы Қарақалпақстан Республикасы мәмлекетлик музейинде Қарақалпақстан сүўретлеў өнериниң жарқын ўәкиллериниң бири Жоллыбай Изентаевтың 80 жыллығына арналған «Дөретиўшилик сезимлер» атамасындағы көргизбениң ашылыў мәресими болып өтти.
Көргизбеге белгили художниклер, көркем өнер тараўы хызметкерлери, шәкиртлери, ғалаба хабар қураллары ўәкиллери ҳәм шаңарақ ағзалары қатнасты.
-Художниктиң шеберлиги, оның дөретиўшилик мийнетлериниң қунлы екенлиги көргизбеде өзиниң айқын көринисин тапқан. Әсиресе, оның ҳәр қыйлы жанрларда рәңбә-рәң көринистеги дөретиўшилик мийнетлери өзине тән усылы менен ҳәр бир адамның дыққатын өзине тартып турады,-дейди музей хызметкери А. Пирназарова.
Жоллыбай Изентаев Өзбекстан халық художниги, Өзбекстан көркем өнер Академиясының академиги, Қарақалпақстанға хызмет көрсеткен көркем өнер ғайраткери, Бердақ атындағы мәмлекетлик сыйлықтың лауреаты, соның менен бирге, Қарақалпақстан Республикасының мәмлекетлик нышанлары болған герб ҳәм байрақтың авторы.
Художник өзиниң дөретиўшилик ислери даўамында портрет, пейзаж, натюрморт, хожалық жанрларын жаратқан. Олардың бәршеси туўылып өскен журты қарақалпақ диярын еслетип турады.
Қарақалпақстан хабар агентлиги