Кредит төлеў бойынша айырым процесслер өзгермекте

Президент тәрпинен қол қойылған Нызам (ЎРҚ-914-сон, 27.02.2024 ж.) айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерис ҳәм қосымша киргизилди.
Пуқаралық кодексине киргизилген өзгерислерге бола:
Егер әмелге асырылған төлем суммасы қарыз алыўшы физикалық тәрепке яки қарыз алыўшы исбилерменге ажыратылған микроқарыз яки кредит бойынша миннетлемелерди орынлаў ушын жетерли болмаса, қарыз алыўшыныӊ қарызы төмендеги тәртипте қапланады:
– тийкарғы қарыз бойынша мүддети өткен қарыздарлық ҳәм мүддети өткен процент төлемлери пропорционал түрде;
– әмелдеги дәўир ушын есапланған процентлер ҳәм усы дәўир ушын тийкарғы қарыз бойынша қарыздарлық;
– неустойка (жәрийма, пеня);
– кредитордыӊ қарыздарлықты үзиў менен байланыслы болған басқа қәрежетлери.
Сондай-ақ, кредит бойынша қарыздарлықты өндириў ҳаққында судтыӊ шешиўши қарары шығарылғанда суд қарарында көрсетилген, кредит бойынша өндирилген суммаға салыстырмалы белгиленген тәртипте процентлер, сондай-ақ, неустойка есапланыўы тоқтатылады.
Буннан тысқары, «Банк емес кредит шөлкемлери ҳәм микроқаржыландырыў жумысы ҳаққында»ғы Нызамға киргизилген өзгерислерге бола, микроқарыздыӊ еӊ жоқары муғдары 50 миллион сумнан 100 миллион сумға шекем арттырылады.
Нызам рәсмий жәрияланған күннен баслап күшке киреди, деп мәлимлеме береди хабар.уз
Қарақалпақстан хабар агентлиги