Аталыққа алынған жаслар итибарда

252

Усы жыл 21-февральда Президент пәрманы менен қабыл етилген “Өзбекстан – 2030” стратегиясын “Жаслар ҳәм бизнести қоллап-қуўатлаў жылы”нда әмелге асырыўға байланыслы Мәмлекетлик бағдарламада жаслардың машқалаларын шешиў ҳәм потенциалын жүзеге шығарыў, оларды талап жоқары болған кәсип-өнерге оқытыў арқалы бәнтлигин тәмийинлеў бойынша көплеген ўазыйпалар белгиленди.

Жаслар менен мәнзилли ислесиўдиң жаңаша механизмин әмелге асырыў мақсетинде  Қарақалпақстан Республикасы  2-секторларының аймақларында  59 пуқаралар жыйынынан 23 мыңнан аслам жас қамтып алынған.

Бүгинги күнге аталыққа алынған жаслардың бәршеси менен жеке сәўбетлесиў өткерилип, миграциядағы жаслар менен  видеоконференц байланыс арқалы машқалалары үйренилди. Атап өтилген машқалаларды шешиў бойынша илажлар режеси ислеп шығылып, орынлаўға қаратылды. Қарақалпақстан Республикасы прокуроры тәрепинен жумысшы топар ағзалары менен сәўбетлесиўлерде берилген тапсырмалардың орынланыўы қатаң қадағалаўға алынды.

Аталыққа алынған жаслар толық қамтып алынған ҳалда медициналық тексериўлерден өткерилмекте. Жумыссыз жаслардың бәнтлигин тәмийинлеў мақсетинде барлық аймақларда бос жумыс орынлары ярмаркалары шөлкемлестирилди. Тийисли шөлкемлер менен биргеликте секторға қараслы пуқаралар жыйынларында спорттың 8 түри бойынша жарысларға старт берилди.

Буннан тысқары, жаслардың бос ўақытларын мазмунлы өткериў, оларды Ўатанға муҳаббат руўхында тәрбиялаў, китапқумарлыққа кеңнен тартыў бойынша илажлар турақлы алып барылмақта.

Қарақалпақстан хабар агентлиги