Президент пәрманы менен Салық кодексиниӊ 227 прим 1-статьясына тийкарланып қолланылған жәрийма суммасыныӊ 98 проценти есаптан шығарылады. Ҳүжжетке бола:

  • Фискал тәртип-қағыйдаға байланыслы ҳуқықбузарлықлар биринши мәрте әмелге асырылғанда – реализация әмелге асырылған ақырғы есабат шерегинде алынған сап түсимниӊ 2 проценти (алдын 100 проценти);
  • Бир жыл даўамында қайта әмелге асырылғанда – реализация әмелге асырылған ақырғы есабат шерегинде алынған сап түсимниӊ 20 проценти муғдарында жәрийма салыўға себеп болады.

Усы Пәрман күшке киргенге шекем фискал тәртип-қағыйдаларға байланыслы нызамбузарлықлар ушын қолланылған қаржы жәриймалары бойынша бар қарыздарлықтыӊ 98 проценти есаптан шығарылады ҳәм қарыздарлықты өндириў менен байланыслы суд ҳәм орынлаў жумыслары сапластырылады, деп мәлимлеме береди хабар.уз сайты.

Өндирилген жәрийма суммаларыныӊ 98 проценти келеси төлемлер есабынан исбилерменлик субъектлерине қайтарылады.


Қарақалпақстан хабар агентлиги