Бажыхана тәртип-қағыйдалары және де жетилистириледи.

Президент тәрепинен қол қойылған Нызам (ӨРН-914-санлы, 27.02.2024 ж.) менен Бажыхана кодексине өзгерис ҳәм қосымшалар киргизилди.

Оған бола, товарларды алып кириўде бажыхана көлемин анықлаўға байланыслы нормалар халықаралық стандартларға муўапықластырылды, товарларды экспорт, реимпорт ҳәм реэкспорт бажыхана режимлерине жайластырыў тәртип-қағыйдалары әпиўайыластырылды.

Еслетип өтемиз, январь айындағы видеоселекторда Президент бажыхана жеӊилликлеринен пайдаланыў мәселелерин сынға алған еди. Мағлыўматларға бола, жеӊилликлердиӊ 420 миллиард сумы яки 13 проценти мақсетсиз қолланылған болып шықты, деп мағлыўмат береди хабар.уз

Қарақалпақстан хабар агентлиги