Корея гүришти тазалаў тараўындағы алдынғы технологияларды Өзбекстанға енгизеди

Өзбекстан елшиханасы тәрепинен Қубла Кореяның Woomin компаниясы өндирислик аймағында жумысшы сапары шөлкемлестирилди.
«Дүнья» МА хабарына бола, сапар даўамында усы компанияның баслығы О Жун Хван ҳәм жуўапкер басқарыў ўәкиллери менен сөйлесиўлердиң алып барылды. Сондай-ақ, бурын өткерилген сөйлесиўлердиң жуўмағы менен ерисилген келисимлерге тийкарланып усы компанияның өндирислик қуўатлылықлары ҳәм процесслери менен жақыннан танысылды.
Бул компания қәнигелери Өзбекстанда гүриш өнимин масақлардан тазалаў ҳәм қадақлаў процесслери менен жақыннан танысыў мақсетинде 2023-жылдың ақырында мәмлекетке келип, үйрениў жумысларын алып барған. Үйрениўлер нәтийжесинде, мәмлекетте гүришти қайта ислеў процесслерине заманагөй технологияларды қолланыў бойынша усыныслар ислеп шығылған.
Сөйлесиў ўақтында Woomin компаниясының басшысы тәрепинен Өзбекстанда усы заманагөй технологияларды қолланыў есабынан гүриш өнимлериниң сапасын арттырыў ҳәм дәслеп оны тазалаў процесслериндеги шығынлар көлемин сезилерли дәрежеде азайтыўға ерисиў мүмкин екени атап өтилди. Соның менен бирге, компания Өзбекстанда өз жумысын алып барыў бойынша ҳуқықый тийкарларды таярлаў ҳәм юридикалық ҳүжжетлерди дизимнен өткериў мақсетинде усы жылдың февраль айының екинши ярымында Өзбекстанға сапар режелестирилгени мәлим етилди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги