Ташкентте Өзбекстан-Қытай халықаралық конференциясы болып өтеди

175

Бүгин, Ташкент қаласында Орайлық Азия халықаралық институты ҳәм Қытайдың Өзбекстандағы елшиханасының басламасы менен «Өзбекстан ҳәм Қытай: еки халықтың абаданлығы жолында өз-ара пайдалы бирге ислесиўди раўажландырыў» атамасында халықаралық конференция өткериледи.

Сондай-ақ, Президент жанындағы Стратегиялық ҳәм регионлараралық изертлеўлер институты, Өзбекстандағы Қытай кәрханалары Саўда-санаат палатасы ҳәм Қытай халықаралық машқалалар академиясы да форумның бирге ислесиўшилери болып есапланады.

Еки мәмлекеттиң жетекши таллаў орайлары, министрликлер ҳәм уйымлардың ўәкиллери мәмлекетимиздеги Қытай компанияларының басшылары қатнасатуғын сөйлесиў даўамында мәмлекетимиз басшысының усы жылы 23-25-январь күнлери Қытайға мәмлекетлик сапары, соның ишинде, ҚХР Басшысы Си Цзиньпин менен сөйлесиўлериниң нәтийжелери додаланады.

Жетекшилер тәрепинен қол қойылған Биргеликтеги билдириўде «Жаңа дәўир ушын ҳәр қандай ҳаўа-райы шараятында кең көлемли стратегиялық шериклик» орнатылатуғыны жәрияланған. Сапар шеңберинде 15 ҳүкиметлераралық, уйымлараралық ҳәм аймақлараралық келисим дүзилген. Қытай банклери тәрепинен жойбарлардың қаржыландырылыў көлемин кеңейтиў, елимизде Экспорт-импорт банки ўәкилханасын ашыў, Жипек жолы қоры менен жаңа Инвестиция платформасын жаратыў бойынша қарар қабыл етилген. Инфраструктураны раўажландырыў ҳәм санаат кооперациясы бағдарламаларын кеңейтиў бойынша келисимге ерисилген.

Конференция даўамында стратегиялық шерикликти тереңлестириў, санаат ҳәм аймақлараралық бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыў мәселелери бойынша да пикир алысыў режелестирилген.

Өзбекстан исбилермен топарлары ҳәм Қытайдың мәмлекетимиздеги жетекши компанияларының ўәкиллери тәрепинен әмелге асырылып атырған жойбарлардың социаллық нәтийжесине айрықша итибар қаратылады.

Әҳмийетли бағдарларда өз-ара пайдалы бирге ислесиўди кеңейтиў, байланыслардың еки мәмлекеттиң социаллық-экономикалық раўажланыўына унамлы тәсирин күшейтиў бойынша усыныслар алға қойылады.

Ғ.Хонназаров, ӨзА