Мәмлекетимиз Президентиниң билимлендириў тараўына қаратып атырған итибары нәтийжесинде кең көлемли реформалар әмелге асырылмақта. Өзбекстан Республикасы Президентиниң «2022-2026-жылларға мөлшерленген жаңа Өзбекстанның раўажланыў стратегиясын «Инсанға итибар ҳәм сапалы билимлендириў жылы» нда әмелге асырыў бойынша мәмлекетлик бағдарлама ҳаққында» ғы 2023-жыл 28-февральдағы ПП-27-санлы Пәрманының 8-бәнти, Өзбекстан Республикасы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлигиниң 2023-жыл 14-август күнги «Улыўма орта билим бериў мәкемелери оқыўшыларын еки шет тили ҳәм бир кәсип-өнерге үйретиў әмелиятын басқышпа-басқыш жолға қойыў ҳаққында»ғы 239-санлы буйрығы, сондай-ақ , Қарақалпақстан Республикасы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлигиниң 2023-жыл 23-август күнги «Улыўма орта билим бериў мәкемелери оқыўшыларын еки шет тили ҳәм бир кәсип-өнерге үйретиў әмелиятын басқышпа-басқыш жолға қойыў ҳаққында»ғы 81-санлы буйрығының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде республикамыздың билимлендириў тараўында бир қатар жумыслар әмелге асырылмақта. Тақыятас районы мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи бөлимине қараслы 1-санлы улыўма билим бериў мектебинде бул бағдарда қандай жумыслар алып барылып атырғанлығы ҳаққында усы мектеп директоры Р.Атажанов пенен сәўбетлескенимизде төмендегилерге тоқтап өтти:
-Мектебимиз 1580 орынға мөлшерленген болып, ҳәзирги күнде жәми 990 оқыўшы тәлим-тәрбия алмақта. Оқыў процеси өзбек, қарақалпақ, қазақ, рус тиллеринде, еки мезгилде алып барылады.
Мектебимизде 2023-2024-оқыў жылынан баслап оқыўшыларға екинши шет тили( Немис тили)7-класстан, бир кәсип-өнерге үйретиў жумыслары 10-класстан баслап әмелге асырылып атыр.
Оқыў орнымызда «Кәсиплик билимлендириў» пәни ушын ажыратылған оқыў саатлары оқыўшыларға үйретилетуғын кәсип-өнер түринен келип шыққан ҳалда бөлистирилди. Онда қызлар ушын тигиўшилик, ер балалар ушын ағаш усташылығы кәсип-өнер түрлери үйретилмекте. Оларға тәжирийбели муғаллимлер бекитилген.
2022-2023-оқыў жылында 31 оқыўшы 11-классты тамамлаған болса, соннан 21 оқыўшы жоқары оқыў орынларына кириўге еристи.
Оқыўшылардың бос ўақытларын мазмунлы өткериў мақсетинде 20 пән дөгереклери ҳәм 9 спорт секциялары шөлкемлестирилип, оқыўшылардың ең сүйикли орынларына айланбақта.
Өткен, 2023-жылда шет тили бойынша мектебимиздиң 11-класс оқыўшылары Ж. Наўрызбаева, М. Амангелдиева халықаралық ҳәм Н.Қаллыбекова, Н. Исмаиловалар миллий сертификат алыўға еристи.
2023-жылды шет тили пәни муғаллимлери ҳәм оқыўшылары «Шет тиллерди оқытыў бойынша ең жақсы мектеп» таңлаўына қатнасып, район басқышында 2-орынды ийеледи ҳәм 75 000 000 сум ақшалай сыйлық пенен сыйлықланды.
Тийкарғы пәнлер олимпиадасының республикалық басқышында 11-класс оқыўшымыз Д. Хожабаева қарақалпақ тили пәни бойынша 3-орынды ийелеўге миясар болды ҳәм NSFT(Norfolk and Suffolk NHS Foundation Trust) иститутында оқыў ушын грант жеңимпазы болды. Өткен жылы «Заманагой мектеп» таңлаўына қатнасып, II дәрежели «Заманагөй мектеп» статусын алыўға еристик ҳәм 10 433 721 сумлық ваучер менен сыйлықландық.
2023-жылы 23-ноябрь күни IT Park ҳәм Тақыятас районы ҳәкимлиги менен биргеликте жаслар ушын IT тараўы бойынша «Ideathon startap» таңлаўы шөлкемлестирилди. Болып өткен таңлаўда мектебимиз оқыўшысы Сабрина Бекбергенова II орынды ийеледи ҳәм жүз миллион сум ақша менен сыйлықланды.
Мектебимизде алып барылып атырған нәтийжели жумыслар тийкарында оқыўшыларымыздың шет тилин ҳәм кәсип-өнер үйрениўге деген қызығыўшылығы артып бармақта. Бул бағдардағы жумыслар алдағы ўақытлары да даўам еттирилип, табысларымызға тийкар жарататуғынына исенемиз.
Г. Турдышова,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы
М.ҲӘБИЙБУЛЛАЕВ тың түсирген сүўретлери