Хожели районы салық инспекциясында «Прокурор ҳәм жаслар» атамасында ушырасыў кешеси болып өтти. Илажға Қарақалпақстан Республикасы прокуроры орынбасары, әдиллик аға кеңесшиси Ш. Мухаммадов, Хожели районы прокуроры А.Халимов, Жаслар ислери агентлиги районлық бөлиминиң баслығы И. Абдижаппаров ҳәм мәҳәлле жаслары қатнасты.


Ушырасыў кешесинде сөзге шыққанлар 2024-жыл «Жаслар ҳәм бизнести қоллап қуўатлаў жылы»нда әмелге асырылатуғын ўазыйпалар, Президентимиз тәрепинен  мәмлекетимизде  жасларды қоллап-қуўатлаў бойынша  алып барылып атырған кең көлемли жумысларға кеңнен  тоқтап өтти. Буннан соң жаслардың машқалалары тыңланып, олардың қызықтырған сораўларына жуўап берилди.


Сондай-ақ, басшылар тәрепинен жаслардың билим алып атырған жоқары оқыў орынларындағы төлем-контракт пулларының бир бөлеги,  оқыў курсларына қатнап атырған жаслардың 6 айлық төлемлерин  «Жаслар дәптери» қоры тәрепинен қаплап берилиўи ушын ваучерлер тапсырылды.





Қарақалпақстан хабар агентлиги