Мәмлекетимизде жас әўладтың жетик билимли, кәмил инсан болып жетилисиўи ушын бимлендириў тараўында кең көлемли жумыслар алып барылмақта.  Олардың арасында ҳәр қыйлы таңлаўлар өткерилип, билимли жаслар жүзеге шығарылып, келешекке және де исенимимиз артпақта.

Нөкис районындағы қәнигелестирилген мектепте «Master Shifu» атамасында олимпиада өткерилди. Оған республикамыздың барлық мектеплеринен 4-класс оқыўшылары қатнасып, математика ҳәм инглис тили пәнинен тест сынақларын тапсырды.





Олимпиадаға 1500 ге шамалас оқыўшылар қатасып, ең жоқары балл топлаған оқыўшылар шөлкемлестириўшилер тәрепинен баҳалы саўғалар менен сыйлықланды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги