Өзбекстан Республикасы Президенти “Мәмлекетимизде санластырыў тараўындағы хызметлер экспортын раўажландырыўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында” қарар қабыл етти.

Оған муўапық, Қарақалпақстан Республикасы ҳәм ўәлаятларда IТ-санаатын раўажландырыў, халықты жоқары дәраматлы жумыс орынлары ҳәм заманагөй кәсиплер менен тәмийинлеў, сондай-ақ, аймақларда IТ-хызметлерин экспорты етиўши кәрханаларды кеӊнен тартыўға қаратылған бағдарлама (Zero Risk)  енгизиледи.

Жергиликли базар ушын IT-хызметлер көрсетиў тараўында жумыс алып барыўшы кәрханаларды халықаралық IT-базарға алып шығыў, олардыӊ экспорт жумысын қоллап-қуўатлаў бойынша жойбар (Local to Global) әмелге асырылады.

Улыўмалық хызметлер көлеминде хызметлер экспортыныӊ үлеси жергиликли базар ушын көрсетилген хызметлер көлемине салыстырғанда жоқары болған еки яки оннан аслам сырт мәмлекетте жумыс алып баратуғын шөлкемлерге Өзбекстан Республикасында юридикалық тәреп ретинде жумысын жолға қойған жағдайларда, нызамшылықта белгиленген тәртипте IT-парк резиденти статусы бериледи.

Бағдарламада қатнасатуғын кәрханаларға:

а) IT-парктиӊ усынысына тийкарланып бос турған мәмлекетлик көшпес мүлк объектлери, Санлы технологиялар министрлиги системасындағы шөлкемлер ҳәм IT-парк филиалларыныӊ мәмлекетлик мүлки болған бос имаратлары ҳәм майданлары (ханалары) бир жылға шекемги мүддетке бийпул пайдаланыў ҳуқықы тийкарында бериледи.

Бир жыл мүддет тамаланғаннан соӊ Бағдарламада қатнасатуғын кәрханалар менен оларға бийпул пайдаланыў ҳуқықы тийкарында берилген имарат ҳәм майданлар (ханалар) бойынша “E-auksion” электрон саўда платформасында бир метр квадрат майдан ушын тийисли аймақ бойынша қәлиплескен орташа ижара ҳақы муғдарында тиккелей шәртнама дүзиледи.

IT-парк тәрепинен сатып алынған жаӊа компьютер, басқа техника ҳәм үскенелер бир жылға шекемги мүддетке бийпул пайдаланыў ҳуқықы тийкарында, соӊ олар 3 айлық дәўирде процентсиз бөлип төлеў (сатып алыў) шәрти менен бериледи.

Бағдарламада төмендеги талаплардан бирине сәйкес келетуғын IT-парк резиденти статусына ийе болған шөлкемлер қатнасады:

улыўмалық хызметлер көлеминде хызметлер экспортыныӊ үлеси жергиликли базар ушын көрестилген хызметлер көлемине салыстырғанда жоқары болған шөлкемлер;

әмелде 500 мыӊ АҚШ доллары ҳәм оннан жоқары болған эквиваленттеги экспорт шәртнамасына ийе болған шөлкемлер;

жыллық айланысыныӊ муғдары 1 миллион АҚШ доллары эквиваленти ҳәм оннан жоқары болған сырт ел компаниясын шөлкемлестириўинде шөлкемлестирилген жаӊа шөлкемлер.

Жойбар шеӊберинде IT-парк резиденти болған шөлкемлерге:

а) экспорт режесин ислеп шығыў, перспективалы сырт ел базарларын анықлаў ҳәм оларға шығыў талапларын үйрениў, қарыйдарларды табыў, олар менен сөйлесиўлер алып барыў, экспорт ҳүжжетлерин рәсмийлестириў, хызметлер реализациясынан кейинги басқыштағы қоллап-қуўатлаў процесин шөлкемлестириў бағдарларында IТ-парк тәрепинен бийпул мәсләҳәт (экспорт менторинг) хызметлери көрсетиледи;

б) дүнья базарына шығыў бағдарындағы қәрежетлердиӊ 50 процентке шекемги бөлеги төмендеги шекленген муғдарларда қаплап бериледи:

сырт ел эксперт мәсләҳәт хызметлери ушын 10 мыӊ АҚШ доллары эквивалентине шекем;

халықаралық көргизбе ҳәм конференцияларда қатнасыў ушын 5 мыӊ АҚШ доллары эквивалентине шекем;

сырт елли бирге ислесиўшилер менен бизнес сөйлесиўлер өткериў мақсетинде олардыӊ мәмлекетимизге сапарын шөлкемлестириў ушын әмелде экспорт етилген хызметлери көлемине сәйкес түрде 20 мыӊ АҚШ доллары эквивалентине шекем;

сырт мәмлекетлерге хызмет сапары (транспорт ҳәм мийманхана қәрежетлери) ушын 5 мыӊ АҚШ доллары эквивалентине шекем;

в) улыўма хызметкерлери саныныӊ көби менен 50 проценти, бирақ бир хызметкер ушын бир календарь жылы бир мәрте дизими Санлы технологиялар министрлиги тәрепинен тастыйықланған абырайлы халықаралық платформалар ҳәм билимлендириў бағдарларында оқыў қәрежетлериниӊ ярымы қаплап бериледи;

г) хызметкерлердиӊ маманлығын арттырыў мақсетинде “Бир миллион программист” жойбары шеӊбериндеги абырайлы халықаралық билимлендириў платформаларыныӊ экспорт бағдарында талап жоқары болған онлайн оқыў курсларында бийпул оқытыў имканияты тәмийинленеди.

Санлы технологиялар министрлиги ҳәм Инвестициялар, санаат ҳәм саўда министрлигиниӊ Өзбекстанныӊ IТ-тараўындағы потенциалын дүнья базарында үгит-нәсиятлаў, мәмлекетимиздиӊ сырт ел компаниялары ҳәм жергиликли программалық өнимлер ислеп шығарыўшы ҳәм IТ-хызметлер көрсетиўши кәрханаларға буйыртпаларды кеӊнен тартыў мақсетинде:

а) 2024-жылы Германия ҳәм Саудия Арабстанында тийкарғы жумысы жергиликли кәрханалар ушын IТ-хызметлер бойынша буйыртпаларды тартыўға қаратылған IТ-парк ўәкилханасы (филиалы) жумысын жолға қойыў;

Онда, IТ-парк дирекциясына усы сырт мәмлекетлерде ўәкилханалар (филиаллар) жумысын жолға қойыўы ушын 2027-жыл 1-январьға шекем ҳәр бир ўәкилхана (филиал) ға жылына 200 мыӊ АҚШ доллары эквивалентине шекем қаржыландырыў ушын қаржы бағдарлаўға рухсат бериў;

б) сырт мәмлекетлерде турақлы түрде, соныӊ менен бирге, 2024-жылы АҚШ ҳәм Германияда “Өзбекстан IT-күнлери” халықаралық илажларын өткериў нәзерде тутылған.

ӨзА