Өзбекстан Республикасы Президенти «Салыққа байланыслы айырым ҳуқықбузарлықлар ушын жуўапкершилик илажларын оптималластырыў ҳаққында» қарар қабыл етти.

Оған муўапық, фискаль белгилерди сәўлелендириў ямаса автоматластырылған есапқа алыў олшеў үскенелери менен үскенелеў ямаса салық уйымларының мәлимлеме системалары менен интеграцияланыўын тәмийинлеў бойынша нызамшылықта белгиленген илажларды ямаса тәртипти бузғаны, сондай-ақ, товарларды (өнимлерди) ислеп шығарыўшылар, импорт етиўшилер ҳәм сатыўшылар тәрепинен идентификация қураллары арқалы мәжбүрий санлы маркировкалаў қағыйдаларын бузғаны ушын финанслық жәрийма муғдары:

ҳуқықбузарлық биринши рет жүз бергенде – реализация әмелге асырылған соңғы есабат шерегинде алынған сап түсимниң 2 проценти;

ҳуқықбузарлық финанслық жәрийма қолланылғаннан кейин бир жыл даўамында қайта исленгенде – реализация әмелге асырылған соңғы есабат шерегинде алынған сап түсимниң 20 проценти муғдарында орнатылады.

Усы Пәрман күшке киргенге шекем фискаль тәртип-қағыйдаларға байланыслы ҳуқықбузарлықлар ушын қолланылған финанслық жәриймалар бойынша қарыздарлықтың 98 проценти есаптан шығарылады ҳәм есаптан шығарылған қарыздарлықты өндириўге байланыслы суд ҳәм орынлаў ислери сапластырылады.

Салық кодексине усы Пәрманнан келип шығып, тийисли өзгерислер киргизилгенге шекем фискаль тәртип-қағыйдаларға байланыслы ҳуқықбузарлықлар ушын финанслық жәриймалар ҳәм ҳәкимшилик жаза илажлары қолланылмайды.

Усы Пәрман күшке киргенге шекем фискаль тәртип-қағыйдаларға байланыслы ҳуқықбузарлықлар ушын өндирилген жәрийма суммаларының 98 проценти келеси төлемлер есабынан белгиленген тәртипте тийисли исбилерменлик субъектлерине қайтарылады.

ӨзА