Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети «Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң Азық-аўқат ҳәм аўыл хожалығы шөлкеми ҳәм Глобаллық экологиялық қордың қатнасыўында «Өзбекстанда азық-аўқат системаларының жерден пайдаланыў ҳәм жерди қайта тиклеўге тәсирин баҳалаў бағдарламасы» жойбарын әмелге асырыўға байланыслы илажлар ҳаққында» қарар қабыл етти.

Қарарда Глобаллық экологиялық қор (ГЭҚ) «Өзбекстанда азық-аўқат системаларының жерден пайдаланыў ҳәм жерди қайта тиклеўге тәсирин баҳалаў бағдарламасы» жойбарын қаржыландырыў ушын 5 жыл мүддетке 5 992 661 АҚШ доллары муғдарында грант ажырататуғыны көрсетип өтилген.

Экология, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм климат өзгериўи министрлиги ҳәм Аўыл хожалығы министрлиги Жойбарды әмелге асырыў ушын улыўма атқарыўшы ҳәм техникалық жәрдем көрсетиўши, БМШтың Азық-аўқат ҳәм аўыл хожалығы шөлкеминиң Өзбекстандағы ўәкилханасы болса жуўапкер атқарыўшы уйым сыпатында жумыс алып баратуғыны белгиленген.

Жойбар Қарақалпақстан Республикасы, Қашқадәрья ҳәм Хорезм ўәлаятларында әмелге асырылады.

Буның ушын Экология, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм климат өзгериўи министрлиги ҳәм Аўыл хожалығы министрлигине төмендеги қосымша ўазыйпалар жүкленеди:

илажларды режелестириў, муўапықластырыў, басқарыў, оларды әмелге асырыў бойынша турақлы мониторинг алып барыў, баҳалаў ҳәм есабатлар таярлаў;

қаратылатуғын гранттың мақсетли ҳәм системалы жумсалыўын қадағалаў, сондай-ақ, жумсалған ҳәм өзлестирилген қаржылар ҳаққында есабатларды таярлаў ҳәм тастыйықлаў;

әмелге асырылған жумыслар, жумсалған ҳәм өзлестирилген қаржылар ҳаққында есабатлар ҳәм ерисилген нәтийжелер бойынша мағлыўматларды ҳәр шеректе өзиниң рәсмий веб-сайтында сәўлелендирип барыў арқалы Жойбардың әмелге асырылыўы үстинен нәтийжели жәмийетлик қадағалаў орнатылыўын тәмийинлеў.

Қарарға муўапық, жойбар 2024-2028-жылларда әмелге асырылады.

ӨзА