Қараөзек районында жумыссыз пуқараларды жумыс пенен тәмийинлеў мақсетинде, гезектеги мийнет ярмаркасы өткерилди.

Оған райондағы барлық сектор басшылары, Ишки ислер бөлиминиң Пробация топары хызметкерлери, аймақтағы мәкеме, кәрхана, шөлкем басшылары ҳәм жумыссыз пуқаралар қатнасты.

Өткерилген ярмарка даўамында район аймағындағы мәкеме кәрхана ҳәм шөлкемлер өзлериндеги бар 53 бос жумыс орынлары менен қатнасып, оның жуўмағында 5 жумыссыз пуқараға жумысқа орналасыўға жолламалар берилди. Сондай-ақ, 15 пуқара  сыртқы мийнет миграцияси менен биргеликте шет мәмлекетлерге шәртнама тийкарында жумысқа жибериў мақсетинде, немис тили бойынша бийпул оқыў курсларына қамтып алынды.



Усылар менен бир қатарда, 11 пуқараға мийнет қатнасықларына  байланыслы ҳуқықый мәсләҳәтлер берилди.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы