Саўда-санаат палатасының Қарақалпақстан Республикасы басқармасында Германия Халықаралық шериклик шөлкеми – GIZ ўәкиллери менен ушырасыў болып өтти.

Ушырасыўда басқарма баслығы К.Артықов, оның орынбасары М.Қосназаров, GIZ шөлкеми жойбары жетекшиси Тий Сипрашвили, кәсипке бағдарлаў бойынша қәниге Л.Қаршибоевлар қатнасты.

Сөйлесиўлер даўамында басқарма баслығы К.Артықов республикамызда жасларды кәсипке ҳәм исбилерменликке бағдарлаў, бул бағдарда әмелге асырылып атырған илажлар ҳәм бүгинги күнде жәмийетимизде тәжирийбели кадрларға болған талаптың артып атырғанлығы ҳаққында айтып өтти.

Буннан соң, «Өзбекстанда кәсипке бағдарлаў ҳәм карьераны режелестириў илажларын ислеп шығыў, әмелге асырыў ҳәм баҳалаў» жойбары жетекшиси Тий Сипрашвили GIZ шөлкеми тәрепинен ислеп шығылған бул басламаның тийкарғы мақсети ҳәм хызмети, күтилип атырған нәтийжелер бойынша толық мағлыўмат берди.

Шынында да, исбилерменлер ушын жаратылған қолайлы шараятлар себепли олардың қатары күн сайын артып бармақта. Ал, соңғы жылларда кәсип-өнер мектебинде оқып билим алып атырған оқыўшы-жаслардың келешекте белгили бир кәсип ҳәм өнер ийеси болыўы ушын олардың тәжирийбесин әмелиятта кәрханаларда ис жүзинде арттырып барыў зәрүр. Бул бағдарда бизге әлбетте, тәжирийбели исбилерменлер жақыннан жәрдем береди.

Ушырасыўда басқарма баслығы К.Артықов германиялы ўәкиллер менен жасларды кәсипке бағдарлаў ҳәм бул бойынша санаат кәрханалары менен шерикликте әмелий жумыслар алып барыў бойынша бирге ислесиўге келисип алынды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги