Қарақалпақстан Республикасы Педагогларды жаңа методикаларға үйретиў миллий орайында «Педагогика, психология ҳәм тәлим технологиялары методикасы» кафедрасы  тәрепинен  «Улыўма билим бериў мектеплеринде инклюзив тәлимди басқышпа-басқыш шөлкемлестириў, машқала ҳәм шешимлер» атамасында семинар-тренинг өткерилди.

Инклюзив тәлимниң мақсети – имканияты шекленген оқыўшыларға мектепте арнаўлы методларды қолланыў арқалы, арнаўлы педагогларды тартқан ҳалда қыйыншылықсыз бейимлестирилген билимлендириў орталығын жаратыў, олардың жәмийетке нәтийжели бейимлесиўине хызмет ететуғын сапалы улыўма орта билим бериўди тәмийинлеўден ибарат.

Илажда  қәнигелер тәрепинен инклюзив тәлимди шөлкемлестириў, адамгершилик, улыўма инсаныйлық қәдириятлар, меҳрибанлық принциплерине тийкарланып әмелге асырыў, инклюзив тәлимде – муғаллим ҳәм оқыўшылардың қайсы категорияда екенлигине қарамай, барлық балалардың ҳуқықын қорғаў ҳәм ҳүрмет етиўи зәрур екенлиги туўралы түсиниклер берилди.


Ата-аналар менен бирге ислесиўде өзине тән тәреплерине итибар қаратыў, ата-аналардың қызығыўшылығын итибарға  алыў, өз балаларының психологиялық раўажланыўын бақлап барыўын, оларды коррекция  жумысларына актив қатнастырыў кереклигин, ата-аналардың өз балаларына болған мүнәсибетин өзгертип, оларды тәрбиялық усыллар менен қуралландырыў зәрурлигин, ата-аналарын  баласының  тәрбиясына қаратыў мақсетинде оларға дефектологиялық, психологиялық әмелияттың әпиўайы көринислерин үйретип барыў, сондай-ақ, дөгерек жумысларына имканияты шекленген балаларды тартыў, олардың келешеги ушын жүдә әҳмийетли, пайдалы екенлиги атап өтилди.

Буннан соң педагогикалық орайдың оқытыўшылары Қ.Кличев ҳәм  А.Бердимуратовалар  тәрепинен инклюзив тәлим бойынша халықаралық ҳәм миллий нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер туўралы мағлыўматлар берилип, пикир-усыныслар билдирилди.

Семинарда қатнасыўшылар қәнигелерден өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги