Алдын хабар бергенимиздей, усы жыл 23-24- февраль күнлери Қырғыз мәмлекетлик Б.Кыдекеева атындағы Жас тамашагөйлар ҳәм өспиримлер театры республикамызға дөретиўшилик сапарын әмелге асырған еди. Қырғызстанлы актёрлар 24-февраль күни пайтахтымыздағы Жас тамашагөйлер театрында «Үмит» моноспектаклин  тамашагөйлердиң нәзерине усынды. Моноспектакль бир актёрдың аткарыўында болып, ондағы тийкарғы қаҳарманды Қырғызстан Республикасы Халық артисти, үшинши дәрежели Манас сыйлығының ийеси, Тоқтогул атындағы мәмлекетлик сыйлықтың лауреаты Назира Мамбетова шеберлик пенен атқарып шықты.

«Үмит» моноспектаклинде екинши жер жүзилик урысқа кетип, қайтып келмеген перзентлерин күткен ананың аянышлы тәғдири, сағынышы, үмитлери ҳаққында сөз етиледи. Жыллар өтип, урысқа кеткен перзентлеринен анасына келип турған хат та келмей қалады. Перзентлерин урысқа шығарып салған  ана ҳеш қашан олардан үмитин үзбейди. Бул спектакль арқалы барлық аналардың перзентке болған арзыў-әрманы, ой тилеги, мақсети, меҳри, ғамқорлықларын күшли сезимлер ҳәм ҳәрекетлер арқалы тамашагөйлерге усынады.



-Қырғызстанлы кәсиплеслеримиздиң театрымызда мийманда болыўы еки халық арасында қатнасықларды беккемлеў менен бирге, актёрлармыздың тәжирийбе алмасыўына тийкар жаратады. Спектакльде бас ролди ойнаған кәсиплесимиз Назира Мамбетованың атқарыў шеберлигин тамашагөйлер жақсы күтип алды. 76 жаста рольди шеберлик пенен атқарып шығыўы актриса ушын үлкен табыс есапланады. Бул мәдений қатнасықлар алдағы ўақытлары  даўам етиўине тилеклеспен,-дейди Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық артисти Райхан Сапарова.

Илажға Қарақалпақсан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары Р.Сапарбаев  қатнасып, қырғызстанлы мийманларға естелик саўғаларын тапсырды.


Г. Турдышова,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы