Бәҳәр мәўсиминиӊ басланыўына санаўлы күнлер қалыўына қарамастан Төрткүл районындағы Тозабўзёп мәкан пуқаралар жыйыны аймағындағы пайызлы шаӊарақлардыӊ биринде бәҳәр тағамы болған сүмелек писирилди.

Сүмелек тосыннан бәҳәрде писирилмейди. Бәҳәрдиӊ сүйкимли тағамы денемизди тетиклендиреди, витаминлерге байлығы, дәртке даўалығы себепли оны қыс мәўсиминен шығыўымыз бенен сағынып жеймиз. Соныӊ ушын ол барған сайын халқымыздыӊ арасында кеӊнен тарқалып, ләззетли тағамға айланып бармақта.

Әзелден сүмелек сейили адамларды татыўлыққа ҳәм аўызбиршиликке тәрбиялап келген. Усы күни қоӊсылар биргеликте бир қазанда писирилген бул тағамды бөлисип жеген.

Миллий тағамларымыз, үрп-әдетлеримизди келешек әўладтыӊ санасына сиӊдирип барыў, оларды миллийлигимизге муҳаббат, ата-бабаларымыздыӊ мийрасына ҳүрмет руўхында тәрбиялаў мақсетинде сүмелек сейилине бир топар жаслар да мирәт  етилди. Оқыўшы-жасларға  сүмелектиӊ өнип шығыўынан баслап,  дастурханға тартылғанға шекемги процесс ҳаққында кеӊ түрде түсиник берилди.


Быйылғы жылдыӊ дәслепки сүмелек сейили ойын-заўықларға бай, көтериӊкилик жағдайында өткерилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги