Самарқанд мәмлекетлик ветеринария медицинасы, шарўашылық ҳәм биотехнологиялар университети Нөкис филиалында Европа Аўқамыныӊ  Erasmus + бағдарламасыныӊ Жоқары билимлендириў реформалары ҳәм кәсиплик таълим бойынша Европа тәлим фонды ушын миллий эксперти А.Турениязованыӊ қатнасыўында ушырасыў болып өтти.

Илажды филиал директоры А.Есимбетов басқарып барды.

Онда эксперт тәрепинен бағдарламаныӊ мақсети ҳәм ўазыйпалары, бағдарлама шеӊберинде әмелге асырылып атырған ири жойбарлар, ерисилген нәтийжелер бойынша толық мағлыўмат берилди.  Бул бағдарлама талапшаӊ жасларды билимлендириў ҳәм спорт тараўларына тартқан ҳалда, оларды әмелий қоллап-қуўатлаўға қаратылған. Қатнасыўшыларға “Жоқары билимлендириўде потенциалды раўажландырыў” бағдары ҳәм оған ажыратылған бюджет қаржылары туўралы түсиник берилди.Эксперт сондай-ақ, жоқары оқыў орынларыныӊ илимий тартымлылығын буннан былай да арттырыў ҳәм рейтинг дәрежелерин көтериў мәселелерине де тоқтап өтти.

Илаж қатнасыўшылары бул бағдарда өзлерин қызықтырған сораўларына жуўап алды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги