Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген журналист, нураный устаз  Идирис Қосназаров быйыл өзиниң 70 жасын қарсы алмақта. Шымбай районындағы Балалар музыка мектебинде журналисттиң 70 жыллық юбилей кешесине арналған  ушырасыў кешеси болып өтти.

Илажға Қарақалпақстан Республикасы жазыўшылар аўқамының баслығы К. Каримов, Өзбекстан  Республикасы журналистлер аўқамы  Қарақалпақстан бөлими  баслығы К.Реймов, «Әмиўдәрья» журналының бас редакторы  Х.Дәўлетназаров, район ҳәкими А.Тажетдинов, шайырдың кәсиплеслери, шәкиртлери ҳәм оқыўшы-жаслар қатнасты.

Илажда сөзге шыққанлар журналисттиң өмири ҳәм дөретиўшилик жолы ҳаққында сөз етип, оның өз дәўиринде өткир қәлеми менен жәмийеттеги ушырасып атырған машқалаларды сапластырыўға байланыслы жазған сын мақалалары, жаслар газетасында ислеген дәўирлеринде газетаның мазмунлы болып шығыўына қосқан үлеслерине кең түрде тоқтап  өтти.

-Идирис аға менен он бир жыл бирге ислестик. Ол «Қарақалпақстан жаслары» газетасында бас редактор болып жумыс ислеген жылларында қаттықоллығы менен жуўапкершиликти талап ететуғын, шәкиртлерге дурыс жол жоба көрсетип, жумысты талап ететуғын басшы болды. Сонлықтан да газета жақсы, мазмунлы болып шығып, газетадан бир неше таңлаў жеңимпазлары жетисип шықты,-дейди «Қарақалпақстан жаслары» газетасының бас редакторы ўазыйпасын атқарыўшы, белгили журналист Арухан Турекеева.

Мағлыўмат орнында айтатуғын болсақ, И. Қосназаров 1954-жылы Шымбай районының «Кеңес» елатында дүньяға келген. Қарақалпақ журналистикасы менен өмир жолын байланыстырған ол, өзиниң мийнет жолын Қарақалпақстан телевидениесинде көрсетиў редакторы болып жумыс ислеўден баслаған болса, «Еркин Қарақалпақстан» газетасында ҳәр қыйлы лаўазымларда, сондай-ақ, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси аппаратында  жуўаперли лаўазымларда мийнет етти. 2004-2015-жыллары аралығында «Қарақалпақстан жаслары» газетасында бас редактор лаўазымында ислеп, мийнет жолында бир қанша шәкиртлер таярлады.  Сондай-ақ, өмирлик жолдасы Қызларгүл апа менен еки ул, еки қызды камалға келтирип, олардан ақлықлар сүйип отырған мехрибан ата-ана.

Илаж соңында И. Қосназаров кеше шөлкемлестириўшилерине өз миннетдаршылығын билдирип, оқыўшы-жаслар тәрепинен берилген сораўларға жуўап берди. Район ҳәкимлиги тәрепинен нураный устазға естелик саўғалар тапсырылып, ҳүрмет көрсетилди.

Г. Турдышова,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы