Елимиз бойлап өткерилип атырған «Бәркамал әўлад» спорт жарыслары даўам етпекте.

Пайтахтымыз Нөкис қаласында Өзбекстан Республикасындағы қәнигелестирилген билимлендириў мәкемелериниң оқыўшы-жаслары арасында өткерилип атырған «Бәркамал әўлад» спорт ойынларының ер-балалар арасында «Волейбол» спорт түри бойынша республика финал басқышы болып өтти.

Финалда Қарақалпақстан Республикасы ҳәм Самарқанд ўәлаяты командалары өз-ара беллести. Ойынның барысы тәжирийбели төрешилер тәрепинен бақланып, баҳаланып барылды.

Жарыс жуўмағында Қарақалпақстан Республикасының сайланды командасы Самарқанд ўәлаяты сайланды командасы үстинен 2-1 есабында жеңиске ерисип, биринши орынды ийеледи.




Жеңимпазлар шөлкемлестириўшилер тәрепинен таярланған арнаўлы диплом, медаль ҳәм естелик саўғалар менен сыйлықланды.


Ә.Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги