Қарақалпақстан Республикасы тарийхы ҳәм мәденияты музейинде Өзбекстан Республикасы Мәдений мийрас агентлигиниӊ қоллап-қуўатлаўы менен “Ҳаял-қызлардыӊ жипек кийимлери: тарийх ҳәм заманагөйлик” атамасында Таиланд кийимлериниӊ көргизбеси ашылды.

Оныӊ ашылыў салтанатында Өзбекстан Республикасы Мәдений мийрас агентлиги директорыныӊ биринши орынбасары, Өзбекстан Республикасына мийнети сиӊген көркем өнер ғайраткери, академик Т.Қозиев, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеӊеси Баслығыныӊ  орынбасары Р.Сапарбаев ҳәм басқалар шығып сөйлеп, шөлкемлестирилип атырған көргизбениӊ әҳмийетине тоқтап өтти.















Атап өтилгениндей, көргизбеде Таиланд патшалығы дәўирине тийисли болған 8 түрдеги миллий кийимнен ибарат коллекция тамашагөйлердиң нәзерине усынылмақта. Бул кийимлер 1960-жылларда Таиланд маликасының басламасы менен Таиланд жипек гезлемелеринен таярланған ҳәм кейин ала “Таиланд патшалық липасы” аты менен пүткил дүньяға белгили болған.

Өзбекстан әмелий көркем өнер ҳәм өнерментшилик тарийхы мәмлекетлик музейи менен биргеликте шөлкемлестирилген көргизбе  тамашагөйлерге Таиланд халқының миллий мәденияты менен жақыннан танысыў имканиятын береди.

Көргизбе 6-мартқа шекем даўам етеди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги