26-февраль күни болып өткен телефон арқалы сөйлесиўде Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Түркия Республикасы Президенти Режеп Таййип Эрдоғанды қутлы 70 жасқа толғаны менен шын кеўилден қутлықлады.

Мәмлекетимиз басшысы Түркия жетекшисине беккем денсаўлық, бахыт-ығбал, дос түрк халқы ҳәм мәмлекетиниӊ раўажланыўы жолындағы жуўапкершиликли жумысында үлкен табыслар тиледи.

Заманагөй Түркияныӊ жүзеге келиўинде, глобал майдандағы абырайы жоқарылаўында, Өбекстан менен Түркия арасындағы кеӊ көлемли стратегиялық бирге ислесиў қатнасықларындағы бүгинги жоқары дәрежеге ерисилиўинде Президент Режеп Эрдоғанныӊ орны ҳәм үлеси айрықша атап өтилди.

Барлық дәрежелерде жедел сәўбетлесиў ҳәм алмасыўлар даўам етип атырғаны, саўда-экономикалық ҳәм мәдений-гуманитарлық бирге ислесиўдиң пәти артып атырғаны үлкен қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.

Өткен жылдыӊ жуўмағында биргеликтеги кәрхана ҳәм жойбарлар саны сезилерли дәрежеде – 365 ке артты, Түркияныӊ жетекши компания ҳәм шөлкемлери менен инвестициялар портфели кеӊейди. Еки мәмлекет арасындағы тиккелей авиақатнаўлар да, тийисли рәўиште өз-ара туристлер ағымы да көбейди.

Мәмлекет басшылары жоқары дәрежедеги Стратегиялық бирге ислесиў кеӊесиниӊ гезектеги мәжилиси күн тәртибин пуқта таярлаў мәселелерине айрықша итибар қаратты.

Усы мүнәсибет пенен Өзбекстан-Түркия Ҳүкиметлераралық комиссиясы шеӊберинде алып барылып атырған жумысларды күшейтиў зәрүрлиги атап өтилди.

Регионаллық, атап айтқанда, Түркий мәмлекетлер шөлкеми шеӊбериндеги бирге ислесиўдиӊ әҳмийетли мәселелери бойынша да пикир алысылды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги