Қарақалпақстан Республикасы бажыхана басқармасы Контрабандаға қарсы гүресиў бөлими ҳәм Товарларды  классификациялаў топарыныӊ хызметкерлери тәрепинен аймақта  жумыс алып барып атырған исбилерменлик субъектлеринен бириниӊ атына импорт тәртибинде сырт елден алып келинген товарлар қайта  мониторинг етилди.

Нәтийжеде, ҳүжжетлерде тийисли товарлар номенклатурасы бойынша “Ыссы аммиакланған шор суў ушын орайдан  көшпели насос” товары коды менен алып кирилген жәми 12  насос тийкарында басқа товар екени белгили болды. Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниӊ 2021-жыл 4-июньдағы  “Өзбекстан Республикасы аймағына импорт етиўде бажыхана бажы ҳәм қосымша қун салығынан азат етилетуғын уқсасы республикада ислеп шығарылмайтуғын  жаӊа технологиялық әспаб-үскенелердиӊ дизимин тастыйықлаў ҳаққында”ғы қарары бойынша насослардыӊ тап усы түри ушын бажыхана бажысы ҳәм қосымша қун салығынан жеӊиллик берилиўи нәзерде тутылған. Исбилермен болса, тийкарынан бундай түрдеги насосты емес,  керисинше, жеӊилликке түспейтуғын басқа түрин алып кирген болса да, жеӊилликке киретуғын түри деп көрсетип, бажыхана төлемлеринен қашыўға урынған.

Бул жағдайда бажыхана төлемлеринен усынылған жеӊилликлер бийкар етилип, мәмлекетимиз бюджетине 608 миллион 137 мыӊ сум баҳасындағы бажыхана төлеми өндирилди.

Тап усы түрдеги насос товарлары менен байланыслы және бир жағдайда басқа бир исбилерменлик субъектиниң атына алып кирилип атырған жәми 29 дана насос  исбилермен тәрепинен “жеӊилликли товар” деп көрсетилген болса да, “Нөкис” сыртқы экономикалық жумыс бажыхана посты хызметкерлери тәрепинен бажыхана тексериўи әмелге асырылыўы барысында алып кирилген товардыӊ кодлары ҳүжжетлерде көрсетилген товардикине сай емеслиги анықланды. Бул жағдайда жәми 2 миллиард 206 миллион сум муғдарындағы бажыхана төлеми мәмлекетимиздиӊ бюджетине өндирилетуғын болды.


Бул бажыхана төлемлери социаллық ҳәм экономикалық тараўларға жумсалып, халқымыздыӊ абаданлығына жумсалады. Қыӊыр жоллар менен бажыхана төлемлеринен қашыўға урыныў жағдайлары болса, тийисли тәртипте жуўапкершиликке тартылады.

Қарақалпақстан хабар агентлиги