Сенат Баслығы Танзила Норбоева Олий Мажлистиң Инсан ҳуқықлары бойынша ўәкили (Омбудсман) институтының 29 жыллығы мүнәсибети менен өткерилген халықаралық конференцияда қатнасыў ушын мәмлекетимизде мийман болып турған Венгрия, Италия, Қырғызстан, Марокаш, Монголия, Түркия омбудсманлары менен ушырасыў өткерди.

Инсан ҳуқықларын тәмийинлеў тараўында бирге ислесиў байланысларын беккемлеў, халықаралық миннетлемелердиң орынланыўын тәмийинлеў бойынша өз-ара тәжирийбе алмасыў мәселелери додаланды.

Мағлыўмат орнында атап өтиў керек, Өзбекстан Омбудсманы тәрепинен дүнья жүзиндеги 50 ге шамалас мәмлекеттиң, соның ишинде, Америка, Европа, Азия, ҒМДА мәмлекетлериниң омбудсманлары менен бирге ислесиў байланыслары орнатылған.

Дәслеп, мәмлекетимизде инсан ҳуқықларын қорғаў тараўында әмелге асырылып атырған реформалар, Омбудсман тәрепинен пуқаралардың ҳуқықлары менен мәплерин нәтийжели қорғаў бағдарында қолланылып атырған тәсир илажлары ҳәм механизмлерине тоқталып өтти.

Инсан ҳуқықлары тараўына байланыслы нормативлик ҳүжжетлердиң қабыл етилиўи ҳәм жетилистирип барыўы Омбудсман институтына пуқаралардың ҳуқықлары менен нызамлы мәплерин қорғаўдағы ўәкилликлери ҳәм нәтийжелилигин арттырыўға түртки болғаны айтып өтилди.

Өз гезегинде, мийманлар Өзбекстанда инсан ҳуқықлары менен еркинликлерин тәмийинлеў бағдарында әмелге асырылып атырған кең көлемли реформаларды жоқары баҳалап, жаңа редакциядағы Конституцияға бола Омбудсман институтына нызамшылық басламасы сыпатында парламент төменги палатасына нызамшылыққа байланыслы усынысларды киргизиў ҳуқықы берилгенин атап өтти.

Конструктивлик ҳәм әмелий руўхта өткен ушырасыў жуўмағында сырт мәмлекетлердиң омбудсманлары менен өз-ара тәжирийбе алмасыў ҳәм бирге ислесиў байланысларын және де кеңейтиўди даўам еттириўге келисип алынды.

Н.Абдураимова, ӨзА