Әзербайжанның Баку қаласында Азия Парламент ассамблеясының 14-жалпы мәжилиси болып өтти.

«Азияда турақлы раўажланыў жолында регионаллық бирге ислесиўди беккемлеў» атамасына бағышланған сессияда 40 мәмлекеттен парламент делегациялары, соның ишинде, 10 мәмлекеттен баянатшылар, сондай-ақ, бир қатар халықаралық парламент шөлкемлериниң басшылары ҳәм ўәкиллери қатнасты.

Регион мәмлекетлери арасындағы ҳәр тәреплеме бирге ислесиўди раўажландырыў, өз-ара исенимди беккемлеў мәселелери додаланған илажда Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты Баслығының биринши орынбасары Содиқ Сафоев қатнасты ҳәм шығып сөйледи.

Илаж қатнасыўшылары регионаллық ҳәм еки тәреплеме бирге ислесиўди беккемлеў, экономикалық, социаллық ҳәм мәдений раўажланыў жолында биргеликтеги илажларды әмелге асырыў, билимлендириў ҳәм мәденият тараўында өз-ара бирге ислесиўди күшейтиў, мәлимлеме алмасыўдың әҳмийети ҳаққында пикир алысты.

Илаж шеңберинде структураның экономикалық ҳәм турақлы раўажланыў, бюджет ҳәм режелестириў, социаллық-мәдений мәселелер, сиясий мәселелер бойынша турақлы комиссиялардың мәжилислери болып өтти.

Оларда экономикалық өсиў ҳәм қоршаған орталықты қорғаў, кәмбағаллықты қысқартыў бойынша ҳәрекетлерди тәмийинлеўде Азия Парламент ассамблеясы парламентлериниң роли ҳаққындағы қарарлар жойбарлары додаланды.

Турақлы раўажланыў мақсетлерин әмелге асырыў, климат машқалалары, Азияда мәдений көптүрлиликти раўажландырыў ҳәм мәдений мийрасты қорғаў, регионда турақлы жәмийет ушын балалар ҳәм жаслардың раўажланыўына жәрдемлесиў сыяқлы мәселелер көрип шығылды.

Сессия жуўмағында Баку декларациясы ҳәм Азия Парламент ассамблеясының 14-жалпы мәжилисиниң жуўмақланған есабаты қабыл етилди.

Н.Абдураимова, ӨзА