Бәҳәр мәўсими кирип келиўи менен елимизде аўыл хожалығы жумыслары қызғын басланып кетеди. Дийқан-фермерлеримиз, механизаторларымыз тәрепинен аўыл-аймақлардағы жап-салмаларды қазып тазалаў, жерлерди  шайып суўғарыў, техникаларды егиске таярлаў, көше-қыябанларға, атыз басларына  мийўели ҳәм саяманлы терек нәллерин егиў бойынша ислер әмелге асырылады.

Буны жақсы түсинген Бозатаў районының аўыл хожалығы хызметкерлери де жоқарыда атап өтилген жумысларды жуўапкершилик пенен алып бармақта.

-Бүгинги күнге шекем 615 гектар жер  тегисленип, соның 595 гектары шелленди ҳәм шор жуўыў жумысларына таяр етип қойылды,-дейди Бозатаў районлық аўыл хожалығы бөлиминиң баслығы Муҳаммедәмин Шерниязов.-Сондай-ақ, ҳәзирги күнлери Ферғана ўәлаятынан да 21 мың түп алма, 1000 түп ерик нәллери алып келинди. Буның ушын районымыз аймағынан 100 гектар жер ажыратылып, соның 60 гектары егиске таяр етип қойылды.

Ҳақыйқатында да, район аймағында соңғы жыллары усы районға қәўендер сыпатында бекитилген Ферғана ўәлаяты ҳәкимлиги тәрепинен көплеген жумыслар әмелге асырылмақта. Олар аўыл хожалығы жумысларында да бозатаўлыларға жақыннан жәрдем берип атыр.

-Өткен жылы 10 мың түп алма, ерик  алып келинип егилип еди,-дейди Ферғана-Бозатаў исбилерменликти қоллап-қуўатлаў дирекциясы баслығы Акмал Саидов.-Енди жақын аралықта 20 мың түп тут, 10 түп шабдалы ҳәм қәрели нәллери алып келинип егиледи. Соңғы жыллары ўәлаятымыз басшылары тәрепинен Бозатаў районын раўажландырыў ҳәм бул аймақта исбилерменликти қоллап-қуўатлаў ислери әмелге асырылмақта ҳәм бул жумыслар алдағы ўақытлары да даўам ете береди.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы