Самарқанд мәмлекетлик ветеринария медицинасы, шарўашылық ҳәм биотехнологиялар университети Нөкис филиалында студент ҳәм аймақ қызлары арасында “Спорт гөззаллық-саламатлық дәреги” сүрени астында спорт жарысы болып өтти.

Жарыста филиал студент қызлары, филиал жанындағы Нөкис ветеринария техникумы ҳәм Гүлзар мәкан пуқаралар жыйынан жәмлеспеген жаслардан ибарат 6 команда қатнасты.

Қызлар арасында саламат турмыс тәризин үгит-нәсиятлаў,  спортты буннан былай да ен жайдырыў, жаслардыӊ бос ўақытларын мазмунлы шөлкемлестириў мақсетинде өткерилген жарыста қатнасыўшылар 6 шәрт бойынша беллести.

Қызықлы шәртлерди өз ишине алған жарыста қатнасыўшылар өзлериниӊ бар шеберликлерин көрсетти. Нәтийжеде филиалдыӊ 1-курс студентлериниӊ “Шаққанлар” командасы биринши, 3-курс студентлериниӊ “Олимпия” командасы екинши, Гүлзар мәкан пуқаралар жыйыны жасларыныӊ командасы үшинши орынларды ийеледи.

Жеӊимпазларға шөлкемлестириўшилер тәрепинен диплом ҳәм естелик саўғалары тапсырылды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги