2024-жыл 1-июльдан баслап Өзбекстан банклери ушын халыққа кредит бериў бойынша талаплар күшейтиледи. Бул ҳаққында Орайлық банк баслығы қарарға қол қойды.

Қарар менен қарыз жүги көрсеткиши енгизилмекте, ол орташа кредит төлемлериниӊ қарыз алыўшыныӊ орташа айлық дәраматына салыстырмалы есапланады.

Ҳәзир Өзбекстанда қарыз жүги талабы тек ғана микрокредитлерге қолланылады ҳәм 50 процентти қурайды. 2024-жыл 1-июльден баслап барлық кредитлерди (соныӊ менен бирге, микрокредитлерди) бериўде кредиторлар өз қарыйдарларыныӊ қарыз жүги 60 проценттен артпаўын тәмийинлеўи шәрт.

2025-жыл 1-январьдан баслап бул көрсеткиш 50 процентке шекем қысқартылады.

Қарыз жүгин барлық кредитлер контекстинде есаплаўды енгизиў арқалы регулютор халық дәраматларын легалластырыўға ерисиў, өз дәраматларын нызамластырған қарыз алыўшыларды кредитлеўди хошаметлеў, рәсмий емес дәраматларды баҳалаўды рәсмийлестириў ҳәм банклерди жуўапкершиликли кредитлеўге тартыўды мақсет еткен, деп мағлыўмат береди хабар.уз

Қарақалпақстан хабар агентлиги