Президент жәрдемшиси Саида Мирзиёева усы күнлери Қатар пайтахты Доҳа қаласында өтип атырған Дизайн биенналесинде қатнаспақта.

Бул биенналеде Өзбекстан Мәденият ҳәм көркем өнерди раўажландырыў қоры менен биргеликте «Crafting Uzbekistan: Tradition in Threads» көргизбе жойбары көрсетилип атыр.

«Бул илажда ҳәм жергиликли, ҳәм регионаллық, ҳәм глобал көлемде дизайн тараўына байланыслы алдыӊғы тәжирийбелер алмасыўы болып өтеди. Онда қатнасып атырғанымыздан қанаатланаман.

«Crafting Uzbekistan: Tradition in Threads» көргизбесинде Өзбекстанныӊ бай өнерментшилик дәстүрлери менен заманагөй дөретиўшиликтиӊ үйлеслигин көрсетип атырмыз. Көп әсирлик тарийхқа ийе өнерментшилигимиздиӊ бийбаҳа мийрасы бизди дәстүр ҳәм мәдениятымызды қәстерлеп сақлаўға шақырады», – деп жазады Мирзиёева.

Президент жәрдемшиси, сондай-ақ, Қатар Музейлер уйымы ўәкиллерине глобал мәдений алмасыўды тәмийинлеўди раўажландырыў ҳәм көркем инновациялар жаратыў жолындағы ҳәрекетлери, соныӊ менен бирге, Биенналеге мирәт еткени ушын миннетдаршылық билдирген, деп мәлимлеме береди хабар.уз

Қарақалпақстан хабар агентлиги