Улыўма билим бериў мектеплери питкериўшилерин жоқары оқыў орынларына кириўине ямаса кәсип-өнерге таярлаў ҳәр жылы билимлендириў бөлимлериниң әҳмийетли ўазыйпаларынан болып қалмақта.

Шоманай районындағы қәнигелестирилген мектептиң басламасы менен район ҳәкимлиги, мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи бөлиминиң келисими менен райондағы жәми 32 улыўма билим бериў мектеплериндеги питкериўшилердиң мәмлекетлик тест имтиханларына таярлық көриў мақсетинде өзлери таңлаған бағдарлары бойынша тест имтиханы шөлкемлестирилди.

Оқыўшылар 4 аймақта Мәденият МПЖ аймағындағы Шоманай қәнигелестирилген мектебинде, Моншақлы МПЖ аймағындағы 7-санлы мектепте, Дийқанабад АПЖ аймағындағы 9-санлы мектепте ҳәм #арабайлы МПЖ аймағындағы 32-санлы мектепте имтихан тапсырды.

– Тест имтиханы биз жаслар ушын үлкен имканият болды. Себеби, ҳәзирги ўақытта көплеген питкериўшилер жоқары оқыў орынларына кириў ушын арнаўлы пәнлер бойынша репетиторларға қатнап таярлық көрип атыр. Бүгинги тестте жол қойған қәте-кемшиликлеримди келешектеги ҳақыйқый мәмлекетлик тест имтиханында қайталамаўға ҳәм еле де өз үстимде ислеўге түртки болды,-дейди 16-санлы мектеп питкериўшиси Д.Жалғасбаева.

Тест имтиханларына қатнасыўы тийис болған райондағы улыўма билим бериў мектеплеринен жәми 317 оқыўшыдан 307 оқыўшы қатнасты.





Қарақалпақстан хабар агентлиги