Соңғы жыллары елимиздиң барлық аймақларында болғаны сыяқлы, Бозатаў районында да билимлендириў тараўын раўажландырыў ҳәм оқыў дәргайларында оқыўшылардың сапалы билим алыўына қолайлы шараятлар жаратып бериў бойынша көплеген унамлы ислер әмелге асырылмақта.
Буның айқын көринисин Еркиндәрья аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы Ақеден елатында жайласқан Бозатаў районлық Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи бөлимине қараслы 6-санлы улыўма орта билим бериў мектеби турмысында көрсек болады.
1980-жыллары бир қабаттан ибарат шөпкер жайдан салынған мектеп имараты 2022-жылға шекем аўыл халқына бийминнет хызмет көрсетип келди. Усы аралықта мектеп имаратының тозыўы ҳәм оқыўшылар санының көбейиўи себепли, 2017-жылы арнаўлы бағдарлама тийкарында оқыў дәргайына капитал реконструкцияның есабынан қосымша 96 орынлық мектеп бинасы жаңадан қурып берилди.
Деген менен жаратылған шараятлар мектеп оқыўшылары ушын жеткиликсиз еди. Атап айтатуғын болсақ, мектептиң бурынғы имараты әдеўир тозған, оқыўшылардың спорт пенен шуғылланыўы ушын спорт зал жоқ еди.
Буны инабатқа алған тараў басшылары мектепти жаңадан қурыў бойынша халықтың усынысынан келип шығып, оны мәмлекетлик инвестиция бағдарламасына киргизди. Усының нәтийжесинде, 2022-жылы мектепке қосымша жаңадан 96 орынлық оқыў бинасы ҳәм 12Х24 көлемдеги спорт залы салып берилди.
Бул әлбетте, пүткил аўыл халқын, әсиресе, мектеп оқыўшылары менен онда жумыс ислеп атырған педагог хызметкерлерди шексиз қуўанышқа бөледи. Олар өзлерине жаратылған қолайлы шараят ҳәм имканиятлардан нәтийжели пайдаланып, сабақларға заманагөй мәлимлеме технологияларын енгизген ҳалда, район ҳәм республика көлеминде өткерилетуғын пәнлер олимпиадасы, ҳәр қыйлы таңлаў ҳәм спорт жарысларында белсене қатнасып келмекте.
-Быйылғы жылы өткерилген пәнлер олимпиадасында қарақалпақ тили ҳәм әдебияты пәнинен 11-класс оқыўшысы Улдана Жолдасбаева биринши, өзбек тили пәнинен Рахыйла Аманқосова, 10-класс оқыўшысы Салтанат Аманқосовалар екинши, инглис тили пәнинен 11-класс оқыўшысы Мырзабек Дәрьябаев, математика пәнинен 9-класс оқыўшысы Аңсат Сәрсенбаевлар районда үшинши орынды ийелеп, республикалық басқышқа қатнасып қайтты.-дейди мектеп директоры Гүлчеҳра Бекбосынова.-Сондай-ақ, мектебимиз оқыўшыларынан дүзилген команда «Жасыл шырақ» жарысында районда жеңимпаз атанып, республикада сыйлы үшинши орынды ийелеўге миясар болды. Ал, 8-класс оқыўшысы Жасулан Қулмағанбетов Информатика ҳәм инновациялық технологиялар пәнинен өткерилген олимпиадада жеңимпаз атанды. Әлбетте, бул жетискенликлердиң барлығы мектепте оқыўшылар ушын жаратылған шараят ҳәм утазлардың ислеген пидайы мийнетлериниң жемиси болып есапланады. Олардың арасында 25 жылдан аслам педагогикалық ис тәжирийбесине ийе Артық Досжанов, Тамара Алиева, Дәрьябай Юсупов, Талғат Дәўлетмуратов, Бердақ Туржановлар өз кәсиплеслерине үлги болып жүр. Олардан өрнек алған өзбек тили пәни муғаллими Ҳүрлиман Жолдасова 2023-жылы 21-октябрь-Өзбек тилине мәмлекетлик тил бийлиги берилген күн мүнәсибети менен өткерилген таңлаўдың Қарақалпақстан Республикалық басқышында биринши, Өзбекстан басқышында үшинши орынды ийелеўге миясар болды.
Ҳақыйқатында, да мектепте оқыўшылардың сапалы билим алыўы ушын жаратылған шараятлар бүгинги күнге келип өз жемисин бермекте.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы