Соңғы жыллары елимизде ең шетки аймақларда жасаўшы халықтың да мүнәсип шараятларда жасаўы ушын барлық қолайлы имканиятлар жаратылып берилмекте. Атап айтатуғын болсақ, аўылларда көшелер оңланып, үйлерге ишимлик суў тармақлары, электр линиялары тартылмақта. Мектеплер ҳәм балалар бақшалары жаңадан бой тиклеп, бул билимлендириў сапасының артыўына беккем тийкар болмақта.

Бундай өзгерис ҳәм жаңаланыўларды Қусханатаў аўыл пуқаралар жыйыны халқының турмысында да көрсек болады.

Төрт мыңнан аслам халық тыныш-татыў турмыс кеширетуғын бул жыйын аймағы әдеўир шашаў жайласқан болып, елатлардың арғы басы менен берги басының аралығы 25-30 км ди қурайды. Әлбетте, усы аймақларда жасаўшы халыққа қолайлы инфраструктураны жаратыў тил менен айтыўға аңсат болғаны менен, анығына келгенде оғада мүшкил ис болып есапланады. Бирақ, елимиз басшылары «инсан қәдири» принципи тийкарында, бул қыйыншылықларды жеңип шығып, усы аймақта жасаўшы турғынларға да басқышпа-басқыш қолайлы шараятларды жаратып бермекте.

-Атап айтатуғын болсақ, өткен жылдың өзинде еки елатлы пунктимизде мәмлекетлик инвестиция бағдарламасы тийкарында еки қабаттан ибарат мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў шөлкеми имараты, 1 аўыллық шыпакерлик пункт ҳәм бир баслаўыш мектеп имараты жаңадан салып берилди,-дейди аўыл пуқаралар жыйыны ақсақалы Жүгинис Нурманов.- 10 кмден аслам жолларға қум шағыл араласпасы төселди. Сондай-ақ, Ашық бюджет порталында даўыс бериў жолы менен жеңимпаз болып, Еркин аўыл елатына баратуғын 1,2 км аралықтағы жол жаңадан асфальтланды. Мәҳәллеге ажыратылған 500 млн сум қаржы есабынан 1,4 км аралыққа ишимлик суў тармақлары тартылып, Сүўен арым, Қопакөл елатлы пунктлерине балалардың ойнаў майданшалары, Абатлы елатына бир видеокамера қурып берилди. 5,5 км аралықтағы жап-салмалар қазылып, оларға 16 суў насослары алып берилди. Соның менен бирге, жыйын кеңсесине қуяш панели орнатылды. Ферғана ўәлаятының қәўендерлиги менен Еркин аўылындағы 5-санлы улыўма орта билим бериў мектебине спорт зал қурып берилип, Абатлы елатында жайласқан аўыллық шыпакерлик пункт қайта оңлаўдан шығарылды. 10 нан аслам шаңарақларға тийисли жайлардың төбелери шиферланып берилди. 2 орында нанбайхана ҳәм кийим тигиў цехлары иске түсти.






Әлбетте,   жыйын аймағында бундай унамлы өзгерислер, аўыл халқының ертеңги күнге деген исенимин беккемлеп, оларды ийгиликли мақсетлерге қарай баслайды. Бул өзгерислер туўралы аймақ турғыны Бозуғлан Жийемуратов та бизлерге толып-тасып айтып берди.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы