Қырғыз, қарақалпақ халықлары бир-бири менен әзелден туўысқан, баўырман халықлар болып, қойы қоралас, аўылы аралас жасап келмекте. Бул қатнасықлар ғәрезсизлик жылларында және де беккемленип, мәдений қатнасықлар арқалы дослық байланыслар жақсы жолға қойылмақта.

Бүгин 23-февраль күни Бакен Қыдекеева атындағы  Қырғыз  мәмлекетлик жас тамашагөйлер ҳәм өспиримлер  театры  дөретиўшилик сапар менен республикамызға келди. Мийманлар дәслеп пайтахтымыздағы этноаўыл турмысы менен танысып, ол жерде халқымыздың миллий-үрп  әдет дәстүрлери   ҳәм  өнерментшилик үлгилерин тамашалады. Буннан соң И.В Савицкий атындағы мәмлекетлик көркем өнер музейин барып көрди.

Мийманлар Жас тамашагөйлер театрында мийманда болып, ол жерде театр жәмәәти менен ушырасты ҳәм  жас актёрларға шеберлик сабағын өтти.  Ушырасыў кешесинде Қырғызстан халық артисти Назира Мамбетова, Қырғызстан республикасына мийнети сиңген артист Темирлан Сманбеков, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық артисти Райхан Сапарова ҳәм басқа да театр актёрлары қатнасып, өзлериниң дөретиўшилик мийнет жолы, актёрлық шеберлик сырлары ҳаққында жыйналғанларға айтып берди.

-Бизлерди театр жәмәәти жыллы жүзлилик пенен күтип алды. Бул еки халық актёрларының тәжирийбе алмасыўы болмақта. Еки театр арасында меморандум дүзилген. Алдағы ўақытлары бул дослық, мәдений дөретиўшилик байланысларымыз және де даўам етеди, -дейди Қырғызстан Республикасының мәденият, мағлыўмат, спорт ҳәм жаслар сиясаты министрлигиниң қәнигеси Чолпонай Тойчубекова.

Мәдений илажлар даўам етип, 24-февраль күни Жас тамашагөйлер  театрында қырғызстанлы актёрлардың  «Үмит» спектакли төрт сеанста тамашагөйлер нәзерине усынылады.

Г. Турдышова,

 Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы.