Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң атына Түркмен халқының миллий жетекшиси, Түркменстан Халық Мәсләҳәтиниң Баслығы Гурбангули Бердимуҳамедовтан хат келди.

Хатта Өзбекстанда өзбек ҳәм түркмен халықлары арасындағы дослық тийкарын жаратыўға үлкен үлес қосқан уллы түркмен шайыры ҳәм ойшылы Мақтымқулы Пырағыйдың 300 жыллығын кеңнен белгилеў ҳаққында қабыл етилген қарар ушын мәмлекетимиз басшысына терең миннетдаршылық билдирилген.

Өзбекстанда Мақтымқулы Пырағыйдың 300 жыллық юбилейиниң кеңнен белгилениўи халықларымыз ҳәм мәмлекетлеримиз арасындағы дослық байланысларының бузылмаўы, тарийхый тәғдирлериниң уқсаслығы ҳәм бәрқулла бирге болыўға таяр екенимиздиң гезектеги көриниси болатуғынына исеним билдирилген.

Гурбангули Бердимуҳамедов Өзбекстан Президентине беккем денсаўлық, абаданлық, жумысында жаңа табыслар, Өзбекстан халқына болса тынышлық ҳәм раўажланыў тилеклерин билдирген.

ӨзА