Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы А. Орынбаев исбилерменлик жойбарларын қоллап-қуўатлаў ҳәм жаңа жойбарларды иске түсириўде ушырасып атырған машқалаларды анықлаў ҳәм оларды сапластырыў бойынша Бозатаў, Кегейли ҳәм Нөкис районларындағы исбилерменлер менен ушырасты.
Кегейли районында болып өткен ушырасыўда инвестициялық жойбарларды иске түсириў, локализацияластырыў бағдарламасына киргизилген ҳәм экспортёр кәрханаларға әмелий жәрдемлер көрсетиў, санаат өнимлерин ислеп шығарыўшы кәрханалардың толық қуўатлылықта ислеўин тәмийинлеў мәселелери талқыланды.
Ушырасыўда Бозатаў, Кегейли ҳәм Нөкис районларының ҳәкимлери, жуўапкер болған министрликлер менен мәкемелердиң басшылары қатнасты.
Атап өтилгениндей, Президентимиздиң басшылығында елимизде исбилерменликти буннан былай да раўажландырыў, олар ушын барлық қолайлы шараятларды жаратыў бағдарында кең көлемли реформалар әмелге асырылмақта. Тек ғана Қарақалпақстан ушын қабыл етилген тарийхый пәрман ҳәм қарарлар бул бағдардағы илажлар көлемин жаңа басқышқа көтермекте.
Ушырасыўда айырым тараў жуўапкерлериниң өз жумысына немқурайдылық пенен қараўы ҳәм басқа да себеплерге байланыслы ушырасып атырған машқалалар сөз етилди. Соның менен бирге, ҳәр қандай инвестиция, өндирис ҳәм санаатты раўажландырыў бойынша жойбарлар қоллап-қуўатланатуғынлығы атап өтилди.
Ушырасыў барысында бүгинги күнде исбилерменлерди қыйнап киятырған машқалалар тыңланды. Билдирилген мүрәжатлардың басым көпшилигине орнында шешимин табыў илажлары көрилди. Ўақыт талап етилетуғын мүрәжатлар қадағалаўға алынып, унамлы шешиў бойынша тийисли тараў басшыларына тапсырмалар берилди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги