Мәмлекетимизде соңғы жылларда халық депутатлары жергиликли Кеңеслериниң аймақларды социаллық- экономикалық жақтан раўажаландырыў, халықты социаллық қорғаўға байланыслы әҳмийетли мәселелерди шешиў бағдарында  ўәкилликлери кеңейтилип, халық ҳәкимшилигин толық жүзеге шығарыў бойынша  кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта. Усы жылдың 2-февраль сәнесинде Президентимиз тәрепинен қабыл етилген «Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымларының жумысын  жетилистириў  илажлары ҳаққында» ғы пәрманы бул бағдардағы жумысларды  жаңа басқышқа алып шығыўда әҳмийетли  ҳүжжет болып хызмет етеди.


Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият ўәкиллик органы ҳәм орынлаўшы ҳәкимият органы жумысын және де жетилистириў бойынша Әмиўдәрья районында бир қатар илажлар әмелге асырылмақта. Алып барылып атырған жумысларды жаңа басқышқа көтериў мақсетинде райондағы қәнигелестирилген мектепте жоқарыда атап өтилген  Президент пәрманының мазмуны, ҳүжжетте нәзерде тутылған мақсет ҳәм ўазыйпаларды түсиндириўге байланыслы мәжилис өткерилди. Илажда сөзге шыққан Халық депутатлары районлық Кеңестиң  УзЛиДеп депутатлық топары баслығы М. Бекназарова  пәрман тийкарында  Кеңестиң бақлаў жумысын  күшейтиўге қаратылған  ҳуқықый тийкар жаратылғанлығы, жергиликли ҳәкимият уйымларының жумысы үстинен халық депутатлары Кеңеслериниң бақлаў функцияларын кеңейтиў мақсетинде оларға оннан аслам қосымша ўәкилликлер берилгенлигин айрықша атап өтти. Сондай-ақ,  мәжилисте Халық депутатлары районлық Кеңесиниң депутаты М. Раҳматуллаева   пәрман менен жаңа редакциядағы  Өзбекстан Республикасы Конституциясында белгиленген ҳәкимлер ҳәм халық депутатлары Кеңеслери ўәкилликлерин бөлистириўге тийкарланған мәмлекетлик ҳәкимиятты шөлемлестириўге қаратылған  жаңа моделди толық әмелге асырыў, жергиликли Кеңеслердиң мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик  басқарыўдағы ролин күшейтиў, жергиликли ҳәкимиятта жаңа конституциялық ҳуқықый шараятларды жолға қойыў  мақсетинде пәрман менен бир қатар ўазыйпалар нәзерде тутылғанлығы ҳаққында сөз етти.

Илаж даўамында жергиликли ҳәкимият уйымларының жумысын «Күшли Кеңес, есаплы ҳәм интакер ҳәким» бағдары тийкарында шөлкемлестириў мақсетинде нызамшылық ҳүжжетлерди жетилистириў бойынша дүзилген «Жол картасы»  кеңнен таныстырылды,

 

Г. Турдышова,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы