Санлы технологиялар министри Шерзод Шерматов Саудия Арабстаныныӊ Vision Invest ҳәм ACWA Power компаниялары басқарыў кеӊесиниӊ баслығы “Өзбекстан – Саудия Арабстаны” исбилерменлер кеӊесиниӊ жәрдемши баслығы Муҳаммад Абдуллоҳ Абунайян басшылығындағы делегация менен ушырасты.

Дәслеп, мийманларға санластырыў тараўында әмелге асырылып атырған жумыслар, IT-Паркте жаратылған шараят ҳәм имканиятлар ҳаққында мағлыўмат берилди. Сондай-ақ, делегация ағзалары Uzinfocom жумысы менен жақыннан таныстырылды.


Өз гезегинде Муҳаммад Абунайян Vision Invest компаниясы тәрепинен әмелге асырылып атырған жойбарлар ҳаққында мағлыўмат берди.

Сөйлесиўлер даўамында Vision Invest ҳәм Санлы технологиялар министрлиги арасында телекоммуникация тараўын раўажландырыў, IT аутсорсинг хызметлери әмелге асырылыўы бойынша режелестирилген жойбарлар додаланды.

Н.Раҳмонова, ӨзА