Нөкис қаласындағы “Дослық үйи”нде Өзбекстан мәмлекетлик емес коммерциялық емес шолкемлери миллий ассоциациясы Қарақалпақстан аймақлық бөлиминиң басламасы менен “Коррупцияға қарсы гүресиўде жәмийетлик қадағалаў ҳәм онда мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң орны атамасында дөгерек сәўбети болып өтти.

Қарақалпақстан Республикасы прокуратурасы, Юксалиш” улыўма миллий ҳәрекети Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлими, Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети менен биргеликте өткерилген илажға мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер, студент-жаслар ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Дөгере сәўбетинде Өзбекстан мәмлекетлик емес коммерциялық емес шолкемлери миллий ассоциациясы Қарақалпақстан аймақлық бөлиминиң баслығы К.Каримхожаев,  Қарақалпақстан Республикасы прокуратурасының бөлим прокуроры Р.Жалғасбаев, Юксалиш” улыўма миллий ҳәрекети Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлиминиң баслығы Т.Романов ҳәм басқалар шығып сөйлеп, мǝмлекетимизде коррупцияға қарсы гүресиў бойынша  Президентимиз тǝрепинен қабыл етилип атырған пǝрманлар менен ҳүкиметлик карарлардың ǝҳмийетине тоқтап өтти. Бул иллеттиң ҳǝр қандай түрдеги көриниси мәмлекетимизде ǝмелге асырылып атырған реформалардың нǝтийжесине кери тǝсирин тийгизетуғыны атап өтилди.

Коррупцияның алдын алыўда ҳǝм оған қарсы гүресиўде бир яки еки мǝмлекетлик уйымлардың ис-ҳǝрекетлери менен унамлы нǝтийжеге ерисип болмайды. Сонлықтан, бул бағдарда ҳуқық қорғаў уйымлары, мǝмлекетлик шөлкемлер менен биргеликте барлық пуқараларымыз ҳǝм жǝмийетлик қадағалаў институтларының имканиятларынан да кеңнен пайдаланыўымыз зǝрүр.

Соның менен биргеликте,жәмийетлик қадағалаўды алып барыўда айрықша орын тутатуғын мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң ролин буннан былай да күшейтиў, орынларда коррупцияға қарсы гүресиў тараўындағы жумыслардың барысын комплексли үйрениў, пайда болып атырған машқалаларды сапластырыў бойынша тийкарланған усыныслар таярлап, оларды тийисли уйымларға усынып барыў келешектеги нызам жойбарларын таярлаўда, ҳүкиметлик қарар ҳǝм бағдарламаларды ислеп шығыўда үлкен ǝҳмийетке ийе екенлиги атап өтилди.

Дөгерек сәўбетинде мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң ўәкиллери, сондай-ақ студент-жаслар жǝмийетимиздиң раўажланыўы ушын унамсыз иллет болған коррупцияға қарсы гүресиў бойынша кең жǝмийетшилик ўǝкиллериниң ролин арттырыў, бул бағдардағы үгит-нǝсият илажларының нǝтийжелилигин буннан былай да күшейтиў бойынша өзлериниң пикир-усынысларын билдирди.

Арзыгүл ЕСЕМУРАТОВА,
ҚМУ, Мәлимлеме хызмети ҳәм
жәмийетшилик пенен байланыслар тәлим бағдарының 2-курс студенти.

Қарақалпақстан хабар агентлиги