Президент Шавкат Мирзиёев 22-февраль күни IT-хызметлер инфраструктурасы ҳәм экспортын раўажландырыўға байланыслы усыныслардың презентациясы менен танысты.
Бул ҳаққында өткен жылы 20-декабрь күни Санлы технологиялар министрлигинде болған видеоселектор мәжилисинде тапсырма берилген еди.
Ҳәзирги күнде IT-парк резидентлери саны 1 мың 700 ге жетип, оларда 26 мың хызметкер жумыс ислемекте. «Өзбекстан – 2030» стратегиясында резидентлер санын 10 мәрте арттырып, олардағы жумыс орынларын 100 мыңға жеткериў, тараўда экспорт көлемин 5 миллиард долларға алып шығыў белгиленген.
Усы мақсетте, аймақларға IT-экспортшы шөлкемлерди кеңнен қамтып алыўға қаратылған «Zero Risk» бағдарламасын қолланыў усыныс етилмекте. Бул бағдарламада қатнасатуғын кәрханаларға IT-парк усынысы тийкарында бос турған мәмлекетлик имаратлары 1 жылға шекем бийпул пайдаланыўға бериледи. Бул мүддет жуўмақланғаннан кейин, тиккелей шәртнама дүзиледи. IT-парк тәрепинен техника ҳәм инвентарлар 1 жылға шекемги мүддетке бийпул пайдаланыўға бериледи.
Бул кәрханалардың жумысын раўажландырыў ушын да бир қатар жеңилликлер нәзерде тутылмақта. Атап айтқанда, усы бағдарлама бойынша кәрханаларға хызметкерлерди жумысқа алыў ҳәм тәжирийбесин арттырыў қәрежетлери 50 процентке шекем қаплап бериледи.
Жергиликли IT-компанияларды халықаралық көлемге алып шығыў бойынша «Local to Global» жойбары әмелге асырылады. Оған бола, жергиликли IT-компаниялардың дүнья базарына шығыўы, халықаралық көргизбелерде қатнасыўы, сырт ел экспертлерин усыныс етиўинде қәрежетлериниң 50 процентке шекемги бөлеги қаплап бериледи.
Презентацияда «санлы инклюзивлик» жойбарын әмелге асырыў бойынша да мәлимлеме берилди. Жаслар, ҳаял-қызлар ҳәм майыплығы болған шахсларда IT-хызметлер көрсетиў көнликпелери қәлиплестириледи. Нәтийжеде 9 мың жумыс орны жаратылыўы, сондай-ақ, 5 мыңға шамалас ҳаял-қызлар ҳәм майыплығы болған шахслардың бәнтлиги тәмийинлениўи мөлшерленген.
Улыўма, «санлы инклюзивлик» жойбары нәтийжесинде 25 мың шахсты жумыс пенен тәмийинлеў есап-санақ етилмекте.
Мәмлекетимиз басшысы бул усынысларды мақуллап, қосымша көрсетпелер берди.
ӨзА